Бүгинге шекем 25 километрден аслам суў тармақлары тартылды

    9 шілде 2025 404

    Алдын хабар берилгениндей, Мойнақ районында соңғы жылларда бир қатар қурылыс-абаданластырыў жумыслары, соның ишинде, халықтың ишимлик суўы менен тәмийинлениўин жақсылаў бойынша жумыслар әмелге асырылмақта. Бундай жумыслардың барысы, жедел ҳәм сапалы орынланыўы тийисли тараў басшылары, депутатлар тәрепинен қадағалаўға алынған.

    Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутаты, ӨзХДП фракциясының ағзасы Б.Утамбетова райондағы Қызыл жар аўыл пуқаралар жыйынында ишимлик суўы тәмийнатын жақсылаў бойынша алып барылып атырған қурылыс жумыслары менен танысты.

    Президентимиздиң арнаўлы қарарына тийкарланып, Азия раўажланыў банкиниң қатнасыўында «Өзбекстанның батыс бөлегинде ишимлик суўы тәмийнаты системаларын раўажландырыў» жойбарының әмелге асырылыўы белгиленген.

    Бул ушын 8,2 млн. АҚШ доллары муғдарындағы қаржы ажыратылған болып, бүгинги күнде «Archico» ЖШЖ (Әзербайжан) компаниясы тәрепинен Мойнақ районында ишимлик суўы тәмийнатын жақсылаўға қаратылған қурылыс жумыслары алып барылмақта.

    Жойбар шеңберинде 5 суў бөлистириў қурылмасы, 128,1 километрлик суў тармағын қурыў ҳәм реконструкциялаў нәзерде тутылған. Ҳәзирги ўақытта 25,2 километрлик суў тармақлары тартылып, қурылыс жумыслары даўам етпекте. Реже толық орынланыўы нәтийжесинде районның ишимлик суўы менен тәмийинлениў дәрежеси жақсыланады.

    Сонын менен бирге, Мойнақ районлық суўы тармағы кәрханасының жаңа имаратының қурылыс жумыслары да алып барылмақта.

    Қарақалпақстан хабар агентлиги.


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates