Өзбекстан халқының 60 процентин жаслар қурайды. Заманагөй мәлимлеме технологиялары, программалық өним жаратыў ҳәм аутсорсинг хызметлерин көрсетиўге кеңнен тартыў арқалы оларды жумыс пенен тәмийинлеў әҳмийетли ўазыйпа есапланады.
"Бир миллион программист" жойбары мине усы ийгиликли мақсетке қаратылған. Оқыўларда ең керекли 4 бағдар - мағлыўматларды таллаў, андроид қосымшалар, веб қосымшалар ҳәм программалық тәмийнат ислеп шығыў бойынша өзбек тилинде субтитр арқалы бийпул видеокурслар усынылады.
Жойбардан гөзленген мақсет Өзбекстанда жасларды мәлимлеме технологиялары тараўына тартыў болып табылады. Ол uzbekcoders.uz арнаўлы порталы арқалы халықтың кең қатламын мәлимлеме технологиялары қәнигелиги бойынша аралықтан оқытыўды нәзерде тутады.
Биринши басқыш шеңберинде БАӘ ҳүкимети ҳәм Өзбекстан Санлы технологиялар министрлиги менен биргеликте бийпул онлайн оқыў курслары шөлкемлестирилген. 2023-2025-жылларда "Бир миллион программист" жойбарының гезектеги басқышы сыпатында сырт елдиң абырайлы билимлендириў платформаларында усы бағдардағы онлайн оқыў курсларында билим алыў имканиятын жаратыў мақсет етилген.
Министрлик тәрепинен жасларға uzbekcoders.uz платформасы арқалы АҚШтың Coursera компаниясының онлайн тәлим курсларынан пайдаланыў имканияты жаратылды. Coursera аралықтан билимлендириў платформасы болып, онда 300 ге шамалас жетекши университет (Стенфорт, Йель, Иллинойс, Дьюк, Мичиган ҳәм басқалар) ҳәм компаниялардың (Google, Amazon, Meta, IBM ҳәм басқалар) 5 бағдардағы 12 мың профессионал билимлендириў ресурсы жайластырылған.
Coursera платформасының өзбекстанлы 1,5 миллион пайдаланыўшысы бар. Олардың 1 миллион 60 мыңнан асламы uzbekcoders.uz платформасы арқалы дизимнен өткен. 2023-2024-жылларда Coursera платформасының басланғыш дәрежели курсларында 450 мыңнан аслам, профессионал курсларында 3000 халықаралық сертификат қолға киргизилген.
Бул глобал онлайн билимлендириў платформасының Орайлық Азия регионы бойынша координаторы Эдуард Канның мағлыўматына бола, өзбекстанлы 1,5 миллион пайдаланыўшының 90 проценти оқыўшылар болып есапланады. Coursera платформасында пайдаланыўшылар саны бойынша Өзбекстан Орайлық Азияда биринши орында турады. Бул болса елимиздиң жумысшы күшин мийнет базарында талап жоқары көнликпелер менен тәмийинлеўге ең көп инвестиция киргизип атырған мәмлекет екенинен дәрек береди.
Платформада өзбек пайдаланыўшылары ең көп қызығыўшылық билдирген бағдарлар болса программаластырыў, Data Science компьютер саўатлылығы, графика ҳәм дизайн және шет тиллер болып есапланады.
"Бир миллион программист" жойбары 2025-2026-жыллары халықаралық мәлимлеме технологиялары сертификатын алғанлардың санын 1,5 миллионға, профессионал халықаралық мәлимлеме технологиялары сертификатын алғанлардың санын болса 30 мыңға жеткериў белгиленген. Сондай-ақ, жойбар шеңберинде жоқары нәтийже көрсеткен ең жақсы 2 мектепке Президент саўғасы - электромобиль берилиўи де режелестирилген.
Соның менен бирге, жойбар шеңберинде 14 аймақта ең жоқары нәтийже көрсеткен оқыўшыларға 1000 ноутбук ҳәм баҳалы саўғалар, ең алдынғы 10 оқытыўшының сырт елге сапары, жойбар шеңберинде ең жоқары нәтийже көрсеткен 100 оқытыўшыға 10 миллион сумнан ақшалай сыйлық, жетекши 3 жоқары билимлендириў мәкемесине ақшалай сыйлық бериледи.
Бүгин жоқары маманлықтағы программист ҳәм қәнигелерге талап үлкен. Бүгинги күнимизди ҳәм келешегимизди мәлимлеме-коммуникация технологиялары және тараўдың жетик кадрларсыз көз алдымызға келтирип болмайды. Солай екен, бундай итибар мыңлаған программист жаслардың қәлиплесиўине тийкар жаратады.
- XXI әсир - оғада үлкен имканиятлар әсири, - дейди Санлы билимлендириўди раўажландырыў орайының қәнигеси Барно Турсуналиева. - Өткен әсирде тек ғана оқыў ямаса жазыўды билетуғын адам саўатлы есапланған болса, бүгин санлы технологияларды пуқта ийелеген адам мийнет базарындағы орнын беккемлеў имканиятына ийе болады. "Бир миллион программист"тиң тийкарғы мақсети де сол - халықаралық мийнет базарына халықтың кең қатламын таярлаў, алдынғы платформаларды сатып алып, жеңиллетилген түрде оқытыў, жасларға бийпул, жеңиллетилген курслар бериў. Сол арқалы оларды тек ғана жергиликли емес, ал жәҳән базарына таярлаў нәзерде тутылған. Жойбардың биринши басқышында талабанлар Udemy платформасы арқалы оқылады. Бул платформа жоқары оқыў орынлары тәрепинен басқарылатуғын басқа онлайн билимлендириў платформаларынан өзгеше түрде, Udemy контент жаратыўшыларына өз курсын қадағалаў ҳәм онлайн оқытыў имканиятын береди. Мийнет базары ушын жаңа бағдарды усы платформа арқалы үйрениў, жаңа көнликпелерге ийе болыў мүмкин. Жуўмағында тыңлаўшы усы курсты тамамлағаны ҳаққындағы сертификатқа ийе болады.
Екинши басқышта дүньядағы жетекши Coursera платформасы менен бирге ислесиў жолға қойылған. Бул платформада шет тилин билиў талап етиледи. Ҳәзирги ўақытта өзбек тилин платформадағы тийкарғы тиллер қатарына қосыў үстинде жумыс алып барылмақта. Платформада жаңа билимлерди үйрениў ҳәм имтихан тапсырып, халықаралық сертификатқа ийе болыў мүмкин. Бул дүнья мийнет базарына жоллама дегени.
Бүгин АКТ имканиятларынан пайдаланып дәрамат таўып атырған жаслардың саны күннен-күнге артып бармақта. Олардан бири Ташкент мәлимлеме технологиялары университетиниң магистранты Асадбек Қаршиев.
- Ҳәзир университетте жасалма интеллект бойынша билим алып атырман. Соның менен бирге, Бизнести раўажландырыў банкинде программист болып ислеп атырман. Оған шекем Жоқары судта ислегенмен. "Бир миллион программист" жойбарында үйренгенлерим жумысым даўамында шөлкемлердиң ишки системасын программаластырыўда қол келмекте. Қалаберди, усы арқалы мол дәрамат таўып атырман, - дейди ол.
Программалық өним ҳәм санлы хызметлерди усыныў ушын қолайлы шараят жаратыў, оларды ишки ҳәм сыртқы базарға алып шығыў, инновациялық қолланбаларды хошаметлеў нәтийже бермекте. Бүгин "Бир миллион программист" жойбарында бийпул оқып, жумысын жолға қойған, сол арқалы дәрамат таўып атырған жаслардың және бири Мырза Улығбек Бафоев. Ол сөйлеўинде машқаласы бар адамлар ушын ишарат тили аўдармасы үстинде ислеп атыр. Излениўи программаластырыў менен байланыслы. Соның менен бирге, оқыў орайында жасларға мәлимлеме технологиялары бағдарында билим бермекте. Улыўма бундай мысалларды көплеп келтириў мүмкин.
"Өзбекстан - 2030" стратегиясын "Қоршаған орталықты сақлаў ҳәм "жасыл экономика" жылында әмелге асырыўға байланыслы мәмлекетлик бағдарламада "Бир миллион программист" жойбары шеңберинде жасларды абырайлы халықаралық компаниялардың талапларына сәйкес бағдарламалар тийкарында таярлаў ўазыйпасы белгиленген.
"Бир миллион программист" жойбарының гезектеги басқышында сырт елдиң абырайлы билимлендириў платформаларында онлайн оқыў курсларында билим алыў имканиятын жаратыў, жойбар шеңберинде 15 мың жастың онлайн оқыў курсларында билим алыўын тәмийинлеў, ең жақсы нәтийже көрсеткенлер ҳәм қатнасыўшыларды мүнәсип хошаметлеў нәзерде тутылмақта.
Рисолат МАДИЕВА,
“Янги Ўзбекистон” хабаршысы