баннер
21 Apr 2025
07:53

    Бир неше төрешилерге қойылған шеклеўлер бийкар етилди

    Өзбекстан футбол ассоциациясы Этика комитетиниң гезектеги мәжилиси болып өтти.

    Онда Өзбекстан Профессионал футбол лигасының 2025-жылдың 9-январында жиберген 01/10-санлы хатына тийкарланып Өзбекстан футбол төрешилери орайы төрешилери Азиз Асимов, Раҳим Каримов, Акобирхўжа Шукуруллаев, Абдурашид Худойберганов ҳәм Фирдавс Норсафаровтың спорт жарыслары нәтийжелерине тәсир өткериўге байланыслылығы ҳаққындағы ис көрип шығылды.

    ӨФА этика комитетине усынылған ҳүжжетлерге тийкарланып, комитет тәрепинен Өзбекстан футбол төрешилери орайының бурынғы төрешилери Азиз Асимов ҳәм Раҳим Каримовлардың жумысында жол қойған қәте ҳәм кемшиликлери ушын өз арзаларына бола төрешилик жумысы тоқтатылғаны, сондай-ақ, жумысында техникалық қәтелерге жол қойған төрешилер Акобирхўжа Шукуруллаев, Абдурашид Худойберганов ҳәм Фирдавс Норсафаров болса төрешилик жумысынан белгили мүддетке шетлетилгени анықланды.

    ӨФА Арнаўлы инспекциясы тәрепинен атлары жоқарыда келтирилген төрешилер менен профилактикалық ҳәм түсиндириў жумыслары алып барылған ҳәм олар өз жумысында жол қойған қәте ҳәм кемшиликлерин толық түсинип жеткен. Сондай-ақ, келешекте жүз бериўи мүмкин болған бундай жағдайлардың алдын алыў бойынша барлық имканиятларын иске қосатуғынын билдирип өтти.

    Этика комитети тәрепинен Өзбекстан футбол төрешилери орайы төрешилери Акобирхўжа Шукуруллаев, Абдурашид Худойберганов ҳәм Фирдавс Норсафаровларға Өзбекстан футбол төрешилери орайы тәрепинен Суперлига, Пролига, Биринши лига, Өзбекстан кубоги ҳәм Суперкубогы сыяқлы жарысларда жумыс алып барыўға байланыслы қолланған шеклеўлер (шетлетиўлер) мүддети тамамланғанлығы себепли, олардың төрешилик жумысын қайта тиклениўи тәмийинлениўи бойынша қарар шығарылды.

    Телеграм каналымыз
    Text to speech