Өзбекстан Республикасы Президентиниң "Экономикада бәсекини раўажландырыў ҳәм жеке меншик сектордың ролин буннан былай да арттырыў илажлары ҳаққында"ғы пәрманына бола, 2025-жыл 1-апрельден төмендеги хожалық жүргизиўши субъектлердиң жумыс бағдарлары бойынша эксклюзив ҳуқықлары бийкар етиледи:
"Өзбекэкспертиза" АЖ ҳәм оның аймақлық бөлимлериниң сырт ел инвестициялары қатнасыўындағы кәрханалар тәрепинен өз өндирислик мүтәжликлери ушын алып келинип атырған мүлкке сертификат бериў бойынша;
"ӨзИнжиниринг" жойбарлаў институтының инвестициялық жойбарларының жойбаралды ҳәм жойбар ҳүжжетлерин ислеп шығыў бойынша;
"Миллий PR-маркази" МУКтиң Өзбекстан туризм потенциалын үгит-нәсиятлаўға бағдарланған сырт ел компанияларының продюсерлик ҳәм реклама хызметлерин, сырт ел телерадиокомпаниялары ҳәм басқа да ғалаба хабар қуралларының рекламалары, репортажлары ҳәм басқа да роликлерин таярлаў ҳәм трансляциялаў бойынша;
“Sag agro МТП” ЖШЖның ғоза ислеп шығарыўшыларға агротехникалық илажларды әмелге асырыў бойынша механизация хызметлерин көрсетиў бойынша;
"Өзбекстан стандартлар институты" мәмлекетлик мәкемесиниң миллий стандартларды шәртнама тийкарында басқа тиллерге аўдарыў бойынша.
"Туризм хызметлерин сертификатластырыў орайы" МУКтың туроператор, жайластырыў қураллары, таў-лыжасы трассалары ҳәм пляжлар хызметлерин сертификатластырыў, оларға категория бериў, сондай-ақ, сертификатластырылған хызметлериниң стандартластырыў бойынша нормативлик ҳүжжетлер талапларына муўапықлығы үстинен инспекциялық қадағалаўды өткериў ўазыйпасы Туризм комитетине өткериледи.