Бир регион, бир даўыс, бир күш

    Қарақалпақстанда Орайлық Азия педагоглары халықаралық форумы шөлкемлестирилди. Ол "Орайлық Азия педагоглары - бир регион, бир ҳаўаз, бир күш" сүрени астында болып өтти.

    Мәмлекетимиз басшысының БМШ Бас Ассамблеясының 80-юбилей сессиясындағы шығып сөйлеген сөзинде алға қойылған басламалар, соның ишинде, Жәҳән профессионал билимлендириў саммитин Өзбекстанда өткериў усынысы форумның бас темаларынан бирине айланды.

    Бул усыныс жаңа Өзбекстанда инсан капиталын раўажландырыўға айрықша итибар қаратылып атырғанын және бир мәрте көрсетти. Қалаберди, саммит мәмлекетимизге дүньядағы алдынғы тәжирийбелерди алып кириў, сырт елли бирге ислесиўшилер менен байланысларды беккемлеў ҳәм елимиздеги реформалар, ерисилген жетискенликлерди көрсетиў имканиятын береди.

    Орайлық Азия педагоглары халықаралық форумын усы бағдардың бир бөлеги, десек қәте болмайды.

    Форум алдында Орайлық Азия мәмлекетлери билимлендириў тараўының басшылары ҳәм халықаралық шөлкемлердиң ўәкиллери қатнасыўшыларға мүрәжат жоллады. Онда форумның әҳмийети, регионаллық бирге ислесиўди кеңейтиўдеги орны атап өтилди.

    Илажда Орайлық Азия мәмлекетлериниң жетекши педагоглары, билимлендириў тараўының пидайылары, БМШ, бир қатар халықаралық шөлкемлер ҳәм Кембридж университетиниң ўәкиллери қатнасты. Абырайлы мийманлар жаңа Өзбекстанда билимлендириў трансформациясы ҳәм онда халықаралық байланыслардың орны ҳаққында пикир билдирди.

    — Форум шеңберинде "Экологиялық билимлендириўде заманагөй технологиялар" атамасындағы семинар шөлкемлестирилди. Онда экологиялық тәрбия процесине интерактив методларды енгизиў, санлы платформалар жәрдеминде балаларда тәбиятқа саналы мүнәсибетти қәлиплестириўдиң нәтийжели көзқараслары ҳаққында пикир алысылды, - дейди Қазақстанның Астана қаласындағы 80-мектеп-интернат биология пәни муғаллими Ермек Анарқулов. - Бул форум арқалы экологиялық жойбарлар бойынша тәжирийбе алыстық. Пикир ҳәм усынысларымыз бенен ортақластық. Сондай-ақ, миймандос қарақалпақ елиниң туристлик объектлери, музейлерин тамашаладық.

    Илажда қатнасыўшыларға видеосабақлар, мобил қосымшалар ҳәм виртуал лабораториялар тийкарында ислеп шығылған жаңа методикалық қолланбалар көрсетилди. Әмелий бөлимде педагоглар экологиялық тәжирийбелерди шөлкемлестириў бойынша интерактив шынығыўларда қатнасты. Семинар жуўмағында заманагөй технологиялар тийкарындағы экобилимлендириў тек ғана билим беретуғыны емес, ал балаларда жуўапкершилик, мийрим-шәпәәт ҳәм қоршаған орталыққа абайлы мүнәсибетти қәлиплестириўде әҳмийетли фактор болып хызмет ететуғыны атап өтилди.

    — Форум шеңберинде Нөкис қаласындағы Савицкий музейи ҳәм Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрына саяхат шөлкемлестирилди. Театр тарийхы, сахна артындағы процесслер ҳаққында қызықлы мағлыўматларға ийе болдық, - дейди Тәжикстанның Душанбе қаласынан келген Саидфари Саидғуфрон.

    Қатнасыўшылар Шымбай районында да болып, қарақалпақ халқының бай миллий дәстүрлери, миллий тағамлары ҳәм өнерментшилиги менен жақыннан танысты.

    — Өзбек ҳәм түркмен халықларының мәңги дослығы форумда да көринди. Қарақалпақстанның әжайып орынларына саяхат шөлкемлестирилди, - дейди Түркменстанның Ташаўыз қаласындағы 26-мектеп муғаллими Аллаяр Вепаев. - Соның ишинде, Тахтакөпир районындағы Бөршитаў шыңында шөлкемлестирилген этноаўылда халқыңыздың бай мәдений мийрасы менен таныстық.

    — Бул форум Орайлық Азия мәмлекетлери ушын оғада әҳмийетли илаж болды, - дейди қазақстанлы педагог Гүлнара Муқашева. - Илаж шеңберинде республикамыздың көплеген орынларында болып, үлкеңиздиң әжайып тәбияты ҳәм миймандос адамлары менен таныстым. Булар бизде жүдә әжайып тәсир қалдырды.

    Форумның екинши бөлиминде педагоглар ушын әмелий оқыў семинарлары шөлкемлестирилип, онда билимлендириўде инновациялық қатнаслар, санлы технологиялардан пайдаланыў ҳәм халықаралық бирге ислесиўди раўажландырыўға байланыслы мәселелер додаланды.

    Бул форум Орайлық Азия мәмлекетлери арасында билимлендириў тараўындағы бирге ислесиў, педагоглар ушын тәжирийбе алмасыў платформасын жаратыў сыяқлы мақсетлерге хызмет етеди.

    Минажатдин ҚУТЛЫМУРАТОВ,

    "Янги Ўзбекистон" хабаршысы

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates