"Ақыллы транспорт", "ақыллы үй", "ақыллы медицина", "ақыллы ҳүкимет" системалары усындай ҳәрекетлердиң нәтийжеси. Соның ишинде, Ташкент қаласы ҳәм ўәлаятлардың орайларында жәмийетлик транспортларда GPS қурылмалары орнатылып, бәндиргилерге келиў ўақытлары ҳәм аралық аралықларды жолаўшылар онлайн бақлап барыў имканиятының жаратылыўы менен "ақыллы транспорт" системасы қәлиплести. Бул халыққа ўақыт үнемлеў, мәнзил жөнелисин режелестириў сыяқлы қолайлықларды жаратты.

- GPS қурылмасы бирден-бир базаға мағлыўматты өзи киргизип турады, - дейди Инновациялық раўажланыў агентлиги басқарма баслығының орынбасары Батыр Камалов. - Бул арқалы қайсы санлы автобус қай жерде ҳәрекетленип атырғаны, гезектеги бәндирги ҳәм аралық қанша екенлиги, неше минутта бәндиргиге келиўи ҳаққында мағлыўмат алыў мүмкин.

Халық үйлеринде энергия нәтийжелилигин арттырыў, өрт қәўипсизлигин тәмийинлеў, суў ресурсларын үнемлеў мақсетинде "ақыллы үй" технологиялары қолланыла басланды. Бул система үйде бир-бири менен сымсыз байланыс қуралы арқалы байланысқан ҳәм күнделикли турмысты және де қолайластырыўшы электрон үскене және узатқышлар тармағынан ибарат. Пүткил система қосымша арқалы ямаса қолда қадағаланады.

Электр энергиясы ҳәм газ тәмийнатында болса ASKUE ҳәм ASKUG системалары себепли халыққа есап жағдайын аралықтан бақлап барыў ҳәм қаржы менен толтырып барыў имканияты жаратылмақта. Бул арқалы электр ямаса газ мекемелеринде гезекте турыў сапластырылады.

Коммуналлық хызметлер бағдарында халық пенен финанслық қатнасықлар толық санластырылып, мобил байланыс қуралы ямаса тутыныўшының сайттағы жеке кабинети арқалы барлық төлемлерди әмелге асырыў системасы иске қосылған. Бул тәбийғый ресурсларды үнемлеў, экологиялық турақлылықты тәмийинлеў, артықша қағазпазлыққа шек қойыў, экономикалық нәтийжелиликти арттырыўға хызмет етеди.

"Ақыллы медицина" болса денсаўлықты сақлаў системасында жаңа бағдар сыпатында тараўда аз ўақыт ҳәм күш жумсап жоқары нәтийжелерге ерисиў мақсетин гөзлейди. Бул арқалы кеселликлерди ерте анықлаў дәрежеси артты ҳәм аралықтан профилактика жумыслары жолға қойылды.

Бирден-бир медициналық мәлимлеме орайы наўқастың амбулаториялық карталары ҳәм кеселликлер тарийхы электрон мағлыўматлар базасы болып есапланады. Барлық медицина мәкемелериниң шыпакерлери ушын мәлимлемеден пайдаланыў имканияты бар. Бул емлеў илажларын тайынлаў ушын наўқас ҳаққындағы медициналық мағлыўматларды дәрҳал алыў имканиятын береди. Сондай-ақ, бүгинги күнде жумысшы-хызметкерлердиң кеселлик қағазлары усы система арқалы онлайн рәсмийлестирилмекте.

"Ақыллы" қурылмалар шыпакер қай жерде болыўына қарамастан, наўқастың денсаўлығы ҳаққындағы әҳмийетли мағлыўматлардан хабардар болыўын тәмийинлейди. Мәселен, дене температурасы, қандағы қант муғдары ҳәм қан басымы сыяқлы турмыслық белгилер ҳаққында мағлыўмат береди.

Телемедицина раўажланбақта. Яғный аралықтан турып медициналық хызмет көрсетиў, телекоммуникация қураллары арқалы медициналық мәсләҳәт, диагноз ҳәм бақлаўды әмелге асырыў мүмкин. Онлайн мәсләҳәт, диагноз, электрон рецепт, наўқас жағдайын бақлап барыў, аралықтан медициналық билимлендириў бүгин жаңалық болмай қалды. Ҳәттеки телемедицина арқалы қурамалы, жоқары технологиялық операциялар да табыслы орынланбақта.

- Орайымызда телемедицина системасы жолға қойылып, қысқа ўақыт ишинде 500 ге шамалас наўқас онлайн мәсләҳәт алғанын да жетискенлик сыпатында атап өтиў мүмкин. Бул арқалы биз орынлардағы наўқасларды оператив емлеў ҳәм аралықтан диагноз қойыў имканиятына ийе болдық, - дейди Балалар миллий медицина орайы ядро медицинасы бөлиминиң баслығы Акром Ҳикматов. - Бул кеселликлерди ерте анықлаў ҳәм нәтийжели емлеўге хызмет етип атыр. Сондай-ақ, миллет генофондын жақсылаў, денсаўлықты сақлаў көрсеткишлерине унамлы тәсир көрсетиў ҳәм халықтың барлық қатламларының саламатлығын қорғаўды күшейтиўде әҳмийетли роль атқарады.

Бүгин аралықтан билимлендириў ҳәм электрон оқытыў, барлық басқышларды қамтып алған электрон журналлар, онлайн ҳәм офлайн усылдағы интеграция системалары, адаптив ҳәм мобил оқытыў технологиялары кеңнен қолланылмақта. Атап айтқанда, жоқары билимлендириўде қолланылып атырған HEMIS мәлимлеме системасы студентлер ҳәм ата-аналардың мәлимлемеге болған талабын қанаатландырады. Басқарыў хызметкерлери тәрепинен мағлыўматларды таллаў ҳәм қарарлар қабыл етиў нәтийжелилигин арттырады.

Улыўма билим бериў мектеплериндеги "Электрон күнделик" мәлимлеме системасы болса муғаллим, ата-ана ҳәм оқыўшылар ушын баҳаларды толық таллаў, пәнлерди өз бетинше үйрениў, сабақларға таярлық көриў процесслерин жеңиллестирди. Оқытыўшы электрон журнал жүргизиўи нәтийжесинде бир шеректе 20 саат ўақтын үнемлеп, бул ўақытты өзине ҳәм оқыўшылары менен ислесиўге жумсамақта.

Системаның тийкарғы абзаллықларынан және бири баҳалаў системасындағы коррупцияның жоқ болыўы болды. Яғный орайласқан санластырыў системасында баҳалардың өзгертилиўи қадағалап барылады. Ең тийкарғысы, ата-аналар перзентиниң көрсеткишлерин онлайн бақлап барады.

"Ақыллы қала" концепциясы ҳаққында сөз болғанда, Үргенш қаласында әмелге асырылып атырған жумысларға айрықша тоқтап өтиў орынлы. Себеби ҳәкимлик имаратындағы Бирден-бир мәлимлеме-таллаў мониторинг орайында "Үргенш ақыллы қала" комплексли мәлимлеме системасы енгизилген болып, онда барлық тараўлар, улыўма, қала турмысы санлы басқарыў, жасалма интеллект анализи ҳәм онлайн қадағалаў механизмлери тийкарында жолға қойылған.

Бул система қала инфраструктурасын толық қамтып алып, басқарыў, экология, коммуналлық хызметлер, транспорт ҳәм социаллық орталықты бирден-бир платформада басқарыў имканиятын жаратты. Барлық хызметлер бирден-бир орайдан онлайн бақланып, жағдайлар реал ўақыт режиминде талланады. Пуқаралардың мүрәжатлары электрон түрде қабыл етилип, олардың орынланыўы автомат түрде қадағалаўға алынады. "Мүрәжат 24" ҳәм "Қадағалаў 24" модуллери арқалы шағымлардың көрип шығылыў сапасы ҳәм тезлиги артты.

Коммуналлық хызметлердиң нәтийжелилиги "Smart Clean" шығынды жыйнаў системасы ҳәм "Термо 24" ыссылық қадағалаўы модуллеринде айқын көринеди.

- Буннан тысқары, мәҳәлле системасы санлы қадағалаўға алынған. "М-қадағалаў" бағдарламасы арқалы "мәҳәлле жетилиги" жумысы FaceID биометрикалық қадағалаў ҳәм GPS бақлаў арқалы басқарылмақта, - дейди Үргенш қаласы ҳәкимлигиниң Санлы экономиканы енгизиў бөлими баслығы Дилмурод Ражабов. - Экологиялық орталық автоматластырылған қадағалаў астында. "АИ Ободон" модули арқалы топырақ ығаллығы, ҳаўа сапасы, өсимликлер жағдайы жасалма интеллект тәрепинен өлшенип, тәрбиялаў автомат түрде режелестирилмекте. Жәмийетлик қәўипсизлик системасы беккемленди. "АИ Патрул" модули арқалы жасалма интеллект видеоанализ тийкарында тәртип бузылыўларын алдыннан анықлап, оператив илаж көрилиўин тәмийинлемекте.

Үргенш қаласында санлы басқарыўдың бирден-бир модели қәлиплести. Мәмлекетлик уйымлар арасындағы мағлыўмат алмасыўы автоматластырылды. Пуқараларға хызмет көрсетиўдиң сапасы ҳәм тезлиги сезилерли дәрежеде артты. Ашық-айдынлық, есап бериў принциплери әмелиятқа енгизилди. Үргенште енгизилген "Ақыллы қала" системасы әмелий жақтан өзин толық ақлады, бүгинги күнде ол қала басқарыўында инновациялық, санлы ҳәм ашық-айдын шешим сыпатында жедел ислемекте.

Бул системаны табыслы ҳәм толық шөлкемлестириўде дүнья тәжирийбеси әҳмийетли болмақта. Дүнья мегаполислеринде "ақыллы транспорт", "ақыллы билимлендириў", "ақыллы медицина", "ақыллы энергетика" сыяқлы көплеген системалар қала жумысы менен байланыслы барлық тараўларды қамтып алмақта.

Жәҳән банкиниң изертлеўине қарағанда, ҳәзир дүнья халқының 50 проценти қалаларда жасайды ҳәм 2050-жылға келип урбанизация дәрежеси 70 процентке жақынласады. Бул өз-өзинен "ақыллы қала" системаларын нәтийжели енгизиў зәрүрлигин жүзеге келтиреди. "Ақыллы қала" технологиялары бирден-бир санлы орталықты қәлиплестириў арқалы қаланы басқарыў нәтийжелилигин арттырып, оны бир пүтин жағдайда басқарыў имканиятын жаратыўы менен әҳмийетли болады.

Рисолат МАДИЕВА,

"Янги Ўзбекистон" хабаршысы