Биринши дәрежели темир тосықлар орнатыў жумыслары алып барылмақта

    17 желтоқсан 2024 14

    Республикамызда алып барылып атырған кең көлемли реформалар қатарында жолларды қайта қурыў ҳәм оңлаў жумыслары нәтийжели алып барылып, автомобиль басқарыўшыларға қолайлықлар жаратылмақта.

    Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2023-жыл 25-декабрьдеги «2024-2026-жылларда социаллық ҳәм өндирислик инфраструктураны раўажландырыў илажлары ҳаққында» ғы қарары тийкарында Нөкис қаласы ҳәм Хожели районларын тутастырыўшы мәмлекетлик әҳмийетке ийе 4R174 «Нөкис-Хожели» автомобиль жолының 0-11 км аралығында реконструкция жумыслары шеңберинде биринши дәрежели темир тосықлар орнатыў жумыслары әмелге асырылмақта.

    Бундай темир тосықлардың орнатылыўы автотранспортлардың ҳәрекетин екиге бөлип, ҳәрекет қәўипсизлигин тәмийинлеп, жол транспорт ҳәдийселериниң алдын алыўға хызмет етеди.

    Қарақалпақстан хабар агентлиги.