Бәринен бурын, сизлерди Орайлық Азия регионында биринши мәрте өткерилип атырған Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Мәмлекетлик хызмет бойынша форумының ашылыўы менен қызғын қутлықлайман.
Форумды дүнья цивилизациялары кесилиспесинде жайласқан Самарқанд қаласында өткериў бағдарындағы басламамызды қоллап-қуўатлағаны ушын Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Бас хаткери Уллы Мәртебели Мырза Антониу Гуттеришке айрықша миннетдаршылық билдирмекшимен.
Пурсаттан пайдаланып, БМШ басламасы менен дүньяда кеңнен белгиленип киятырған 23-июнь - Мәмлекетлик хызмет күни менен бәршеңизди қызғын қутлықлайман.
Бәршемизге белгили, бүгинги күнде дүнья турақлы раўажланыўға тосқынлық етип атырған сиясий қарама-қарсылықлардың күшейиўи, климат өзгериўи, тәбийғый ҳәм инсан ресурсларының жетиспеўшилиги, киберқәўип-қәтерлер сыяқлы глобал машқалаларға дус келмекте.
"2030-жылға шекем 5 жыл: Турақлы келешек ушын хызмет көрсетиў процесслерин жеделлестириў" темасында өткерилип атырған бул халықаралық әнжуман глобал раўажланыўда әҳмийетли орын ийелейтуғын мәмлекетлик басқарыў ҳәм мәмлекетлик хызмет системасын жетилистириў, оны заман менен үнлес ҳалда жаңа басқышқа көтериў, кадрлар потенциалын ҳәм олардың жумыс нәтийжелилигин арттырыў, бул бағдарда халықаралық бирге ислесиўди беккемлеўге хызмет ететуғыны сөзсиз.
Бул илажымызда Бирлескен Миллетлер Шөлкеми ҳәм басқа да абырайлы халықаралық структуралар, дүньяның түрли континент ҳәм регион мәмлекетлеринен келген 400 ге шамалас делегатлар қатнасып атырғаны да бул дәстүрий әнжуманның статусы барған сайын артып атырғанын айқын көрсетеди.
Ҳүрметли Форум қатнасыўшылары!
Бүгинги күнде мәмлекетлик басқарыўда санлы трансформацияны хошаметлеў, мәмлекетлик хызметлерди көрсетиўдиң инновациялық шешимлерин қолланыў, мәмлекетлик сектор институтларында нәтийжелиликти кескин арттырыў, лидерлик басқарыў усылын раўажландырыў, үзликсиз билим алыўды кеңейтиў ҳәм болажақ басшылар ушын зәрүр көнликпелерди белгилеў бойынша алдынғы тәжирийбе алмасыў ҳәр қашанғыдан да үлкен әҳмийетке ийе.
Дүньяға барған сайын ашылып атырған, жедел реформалар жолынан баратырған ҳәм алдынғы халықаралық тәжирийбени кеңнен енгизип атырған, "мәмлекет - халық ушын" принципине қатаң әмел етип атырған Жаңа Өзбекстан мәмлекетлик хызмет тараўында глобал өзгерислердиң ажыралмас бөлегине айланып атырғанын айрықша атап өтиўди қәлер едим.
Соңғы жыллары Өзбекстанда мәмлекетлик хызметти ҳақыйқый инклюзив халық хызметине айландырыў бойынша системалы реформаларды алып бармақтамыз. Соның ишинде, халықаралық экспертлер менен биргеликте "Мәмлекетлик пуқаралық хызмети ҳаққында"ғы нызам таярланды.
Реформалардың ҳәр бир шаңараққа кирип барыўы ушын "мәҳәлле кесиминде" ислеў системасы жолға қойылды, мәнзилли жәрдем ҳәм социаллық қорғаў институты күшейтилди, ҳаял-қызлардың мәмлекетлик басқарыўдағы үлеси 35 процентке жетип, мәмлекетимиз бул бағдарда регионда жетекши орынды ийеледи. 700 ден аслам мәмлекетлик хызметлер "бир айна" принципи тийкарында онлайн платформалар арқалы әмелге асырылмақта.
Мәмлекетлик хызмет ҳәм басқарыў процесслерин толық санластырыў нәтийжесинде Өзбекстан Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң электрон ҳүкиметлер раўажланыў дәрежеси бойынша глобал рейтингинде 24 текшеге, Жасалма интеллектке таярлық бойынша халықаралық индексте соңғы бир жыл ишинде 17 текшеге көтерилди.
Мәмлекетлик пуқаралық хызметин жаңа көзқараслар тийкарында шөлкемлестириў мақсетинде заман талапларына сай қәбилетли қәнигелерди тартыў ҳәм профессионал мәмлекетлик хызметкерлер корпусын қәлиплестириў бойынша кадрлар таярлаў кластерин шөлкемлестирдик.
Институционаллық потенциалды арттырыў ҳәм инсан капиталына инвестиция киргизиўге жәрдемлесиў ушын халықаралық тәжирийбе тийкарында эндаумент имканиятларынан пайдаланыў жолға қойылмақта. Сонлықтан, сизлерди Өзбекстанда мәмлекетлик хызметте санлы трансформация бойынша Глобал билим орайын ашыў, халықаралық Жас жетекшилер мектебин шөлкемлестириў сыяқлы глобал басламаларымызды қоллап-қуўатлаўға шақырамыз.
Бул басламалар Ҳүкиметлер, новаторлар ҳәм раўажланыў бойынша шериклер арасында алмасыўларды жеделлестириў, келешек әўлад мәмлекетлик хызметкерлерин тәрбиялаў, басқарыўда ҳәм күнделикли турмыста санлы қураллардан кеңнен пайдаланыў, мәмлекетлик секторда инновацияларды енгизиў ушын үлкен имканиятлар есигин ашады.
Бундай әҳмийетли баслама ҳәм усыныслар Форум шеңберинде қабыл етилетуғын Самарқанд декларациясында өзиниң толық көринисин табатуғынына, бул әҳмийетли ҳүжжет ҳәммемиз ушын инклюзив, турақлы ҳәм инсан мәплерине бағдарланған мәмлекетлик хызметке ерисиў жолында биргеликте ҳәрекет етиў бойынша өзине тән қолланба болатуғынына исенемен.
Пурсаттан пайдаланып, бул ийгиликли жолда бәршеңизге үлкен күш-ғайрат ҳәм әўметлер, Форум жумысына табыслар тилеймен.
Шавкат Мирзиёев
Өзбекстан Республикасы Президенти









