Бул ҳаққында Bloomberg агентлиги жазбақта.
Оның мағлыўматларына бола, Европада әскерий қатнасықтың күшейиўи АҚШ президенти Дональд Трамп ҳәм оның администрациясына Европа континенти атаў ҳәм улыўма Арктиканың қәўипсизлигин тәмийинлеўге айрықша итибар қаратып атырғанын көрсетеди, деп есапланбақта. Атап айтқанда, Германия Арктиканы қорғаў мақсетинде атаўға НАТОның бирлескен миссиясын жибериўди усыныс етиўди режелестирмекте. Өз гезегинде, Уллы Британия бас министри Кир Стармер аўқамласларын Арқа Шығыста әскерий қатнасыўды күшейтиўге шақырмақта.
Германия сыртқы ислер министри Йоханн Вадефуль келеси ҳәптениң басында АҚШқа жетип барыўы, ол жерде Вашингтонда мәмлекетлик хаткер Марко Рубио менен ушырасыўы, сондай-ақ, Германия сыртқы ислер министри Нью-Йоркта БМШ бас хаткери Антониу Гутерриш пенен ушырасыў өткериўи күтилмекте.
АҚШ президенти Дональд Трамп Гренландияның АҚШқа қосылыўы зәрүрлиги ҳаққында бир неше мәрте айтқан. Ол өзиниң биринши президентлик мүддетинде-ақ атаўды сатып алыўды усыныс еткен еди, 2025-жыл март айында болса оны қосып алыў мүмкин екенлигине исеним билдирди. Ақ үй аппараты баслығының орынбасары Стивен Миллер Данияның атаўды қадағалаў ҳуқықын сораўға алған еди.
Гренландия автономиялық аймақ сыпатында Дания қурамына киреди. 1951-жылы Вашингтон ҳәм Копенгаген НАТО бойынша аўқамласлық миннетлемелерине қосымша қорғаныў ҳаққында шәртнамаға қол қойды. Оған муўапық, АҚШ атаўды мүмкин болған агрессиядан қорғаў миннетлемесин өз мойнына алды, деп жазбақта tass.ru.