БМШ ўәкили менен өткен ушырасыўда әҳмийетли мәселелер додаланды

    Олий Мажлис Сенатының Баслығы Танзила Нарбаева БМШтың Наркотиклер ҳәм жынаятшылық бойынша басқармасының Аўғанстан, Орайлық Азия, Пакистан ҳәм Ирандағы регионаллық ўәкили Оливер Штолпе менен ушырасыў өткерди.

    Ушырасыўда Өзбекстан ҳәм БМШтың Наркотиклер ҳәм жынаят мәселелери бойынша уйымы арасындағы бирге ислесиў, әсиресе, нызамсыз наркотиклер айланысы, шөлкемлескен трансмиллий жынаятшылық, адам саўдасы ҳәм терроризмге қарсы гүресиў жаңа басқышқа көтерилгени атап өтилди.

    Сондай-ақ, регионда инсан ҳуқықлары үстинлигин ҳәм гендер теңликти тәмийинлеў, мүнәсип мийнет шараятларын жаратыў, коррупция ҳәм адам саўдасына қарсы гүресиўде парламенттиң тутқан орны ҳәр тәреплеме додаланды.

    Соның менен бирге, сөйлесиўде Өзбекстанда коррупцияға қарсы кескин гүресиў илажларының нызамлы тийкарлары жаратылғаны, бул болса халықаралық дәрежеде тән алынып атырғаны айрықша атап өтилди.

    Адам саўдасы, мәжбүрий мийнет ҳәм сырт елде мийнет етип атырған мигрантлар машқалаларын шешиўде мәмлекет унамлы нәтийжелерге ерискени айрықша атап өтилди. Бул бағдарда Өзбекстанның халықаралық рейтинг ҳәм индекслердеги орны жақсыланғаны атап өтилди. Келешекте де әне усындай унамлы нәтийжелерге ерисиў ушын шөлкем менен өз-ара бирге ислесиўди беккемлеў мәселелери бойынша пикир алысылды.

    Тәреплер жынаятшылық ҳәм ҳуқықбузарлықлардың алдын алыўда заманагөй мәлимлеме технологияларынан кеңнен пайдаланыў бойынша бирге ислесиўди жеделлестириўге келисип алды, деп хабар береди Олий Мажлис Сенатының баспасөз хызмети.


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates