Онда шыпакер қабыллаўына аралықтан жазылыў ҳәм онлайн консултациялар өткериў имканияты жаратылады.

2025-жылдың ақырына шекем Стратегияны енгизиў жойбарын әмелге асырыў шеңберинде жасалма интеллект технологиялары енгизиледи.

Балалар онкологиясы, гематологиясы ҳәм иммунологиясы илимий-әмелий медицина орайы жанында Балалар раги бойынша халықаралық академиялық хаб (Академик хаб) шөлкемлестириледи.

Академиялық хаб илимий-билимлендириў мәкемеси есапланады ҳәм оған төмендеги тийкарғы ўазыйпалар жүкленеди, соның ишинде:

халықаралық сертификатлаў ҳәм үзликсиз медициналық билимлендириў системасы бойынша баллар топлаў стандартларына сәйкес келетуғын халықаралық билимлендириў бағдарламаларын енгизиў;

стратегиялық режелестириў ҳәм профилактикалық илажлар ислеп шығыў ушын балалар рак кеселлиги менен кеселлениўдиң эпидемиологиялық тенденцияларын таллаў ҳәм прогнозлаў.