Балаларды мектепке шекемги билимлендириў менен қамтып алыў дәрежеси арттырылады

    "2025-2026-жылларда балаларды мектепке шекемги билимлендириў менен қамтып алыў дәрежесин арттырыў бойынша қосымша илажлар ҳаққында"ғы Ҳүкимет қарары (83-сан, 12.02.2025-ж.) қабыл етилди.

    "2025-2026-жылларда балаларды мектепке шекемги билимлендириў менен қамтып алыў дәрежесин арттырыў бойынша қосымша илажлар ҳаққында"ғы Ҳүкимет қарары (83-сан, 12.02.2025-ж.) қабыл етилди.

    Қарарға бола, 2025-2026-жылларда балаларды мектепке шекемги билимлендириў менен қамтып алыў дәрежесин арттырыў бойынша илажлар бағдарламасы ҳәм 3-7 жастағы балаларды мектепке шекемги билимлендириў менен қамтып алыўдың мақсетли көрсеткишлери тастыйықланды.

    Сондай-ақ, төмендегилер шөлкемлестириледи:

    халықтың жасаў дәрежеси ҳәм төлеў қәбилети жоқары болған (кәмбағал шаңарақлар аз болған) мәҳәллелерде мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында мәмлекетлик емес бақшалар;

    алыс ҳәм шетки (район ҳәм қалалар орайында жайласпаған) мәҳәллелерде шаңарақлық мәмлекетлик емес бақшалар;

    халықтың төлеў қәбилети төмен (кәмбағал шаңарақлар салыстырмалы көп болған) және демографиялық өсиў дәрежеси жоқары болған мәҳәллелерде мәмлекет, сондай-ақ, халықаралық финанс институтларының кредит ҳәм грантлары есабынан мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында мәмлекетлик емес бақшалар;

    социаллық тараў мәкемелериниң бос имаратларында қысқа мүддетли топарлар.

    2025-жылдың ақырына шекем кәмбағал шаңарақлардың перзентлерин мектепке шекемги билимлендириў менен қамтып алыў тәмийинленеди.

    No date selected
    April 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    Use cursor keys to navigate calendar dates