Болгария Президенти рәсмий сапар менен Өзбекстанға келеди

    Сиясат 8 маусым 2025 1990

    Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң мирәт етиўине бола Болгария Республикасы Президенти Румен Радев 9-11-июнь күнлери рәсмий сапар менен мәмлекетимизде болады.

    Сапар бағдарламасына муўапық, еки мәмлекет жетекшилериниң сөйлесиўлери, рәсмий ҳәм исбилерменлик илажларының өткерилиўи, бир қатар еки тәреплеме келисимлерге қол қойылыўы режелестирилген.

    Өзбекстан ҳәм Болгария Президентлери өз-ара пайдалы қатнасықларды буннан былай да раўажландырыў, соның ишинде, товар алмасыў көлемин арттырыў, агросанаат комплекси, фармацевтика тармағы, кәншилик, санластырыў тараўларында кооперацияны жолға қойыў, туризм ҳәм мәдений-гуманитарлық алмасыўларды кеңейтиў мәселелерин көрип шығады.

    Болгария Президенти Румен Радев IV Ташкент халықаралық инвестициялық форумында да қатнасады.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates