Кейинги жыллары аймақта инфраструктура раўажландырылып, жылдың төрт мәўсиминде қызықлы саяхат ушын қолайлы шараят жаратылды. Амирсай, Чиноркент, Чарвақ дәрўазасы сыяқлы үлкен комплекслер, заманагөй мийманханалар, дем алыў ҳәм улыўма аўқатланыў орынлары иске қосылды.
Енди бул қатарға "Чимён" халықаралық улыўма мәўсимлик курорты да қосылады. Францияның “MND” компаниясы менен биргеликте әмелге асырылып атырған бул жойбар ушын 1 мың 278 гектар майдан ажыратылған.
Жойбар шеңберинде мийманханалар ҳәм теңиз қәддинен 3 мың 300 метр бийикликке шекемги аспа жол қурылады. Бул толық мәўсимлик туризмди тәмийинлейди. Қыста лыжа ҳәм сноуборд, басқа айларда болса таў туризми ҳәм кеўил ашар дем алыў имканиятлары пайда болады.
Мәмлекетимиз басшысы бул жердеги мийманхана, ресторан ҳәм саўда комплекслерин көзден өткерди.
Соның ишинде, 6 қабатлы заманагөй мийманхана 320 туристти қабыллаў имканиятына ийе. Онда жыл даўамында орташа 45 мың туристке хызмет көрсетилиўи режелестирилген. Итибарлы тәрепи, бул жерде “Wyndham” бренди менен биргеликте қәнигели басқарыў жолға қойылмақта. Бул тек ғана хызмет сапасы емес, ал мәмлекетимиз туризминиң халықаралық абырайын арттырыўда да әҳмийетли болып есапланады. Мийманхананы ноябрьде иске түсириў режелестирилген.
Аймақтағы және бир жойбар шеңберинде 7 ҳәм 5 қабатлы апарт-отеллер, 7 қабатлы мийманхана ҳәм 2 қабатлы ресторан қурылды. Оларда да хызмет сапасын халықаралық стандартлар дәрежесине алып шығыў режелестирилген. Жыл даўамында орташа 54 мыңнан аслам мийманды қабыл етиў мөлшерленген. Комплексте 100 ден аслам адам жумыслы болады.
Ҳәзирги ўақытта 6 шале қурылысы даўам етпекте.
Президентимиз жаңа комплекслер қурыў ҳәм хызмет көрсетиўде алдынғы тәжирийбелерди қолланыў, хызметкерлердиң маманлығын арттырыў әҳмийетли екенлигин атап өтти. Аймақтағы имканиятларды туризм платформаларында үгит-нәсиятлап, жергиликли ҳәм сырт елли туристлерди жедел тартыў бойынша көрсетпелер берилди.
Бул жерде 300 автомобилге мөлшерленген тоқтаў орны да бар. Оның биринши қабатында ресторан, балалар майданшасы ҳәм саўда комплекси шөлкемлестирилген. Бул тек ғана қолайлылық емес, ал туристлер ушын қосымша хызметлерди бир пүтин усыныў имканиятын да береди.
Улыўма, "Чимён" улыўма мәўсимлик курорты нәтийжесинде хызмет көрсетиў тараўында мыңлаған жаңа жумыс орынлары, жергиликли халық ушын турақлы дәрамат дәреги пайда болады. Туристлерге ең заманагөй хызметлерди усыныс етип, мәмлекетимизге келиўши туристлердиң санын сезилерли дәрежеде арттырады.
Бостанлықта туризм басқа да тараўлар менен үнлес түрде раўажланып, пүткил аймақтың экономикалық көринисин өзгертип атыр. Саўда ҳәм хызметлердиң түри, транспортлардың ҳәрекети көбеймекте. Сол себепли улыўма мәўсимлик курорт жойбары шеңберинде автомобиль жолында туннель де қурылды.
Бул имарат қурамына узынлығы 1 мың 450 метр болған тийкарғы жол бөлеги, 2 көпир ҳәм пиядалар жоллары киреди. Ол аймақтағы таў курортларына алып барыўшы тийкарғы жолды қысқартады. Қәўипсизликти арттырып, транспортлардың ҳәрекетин жеңиллестиреди. Туннель арқалы саатына 500 ден аслам автомашиналар қәўипсиз ҳәм қолайлы ҳәрекетлениўи мүмкин.
Жоллардың қолайлығы аймақтың туризм потенциалын толық иске қосыў ҳәм экономиканы раўажландырыўдың әҳмийетли факторы екени атап өтилди. Соның менен бирге, тәбиятты таза сақлаў, дем алыўшылардың экологиялық мәдениятын арттырыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.
Бундай жойбарлар туристлерге қолайлық жаратыў менен бирге мәмлекетимиздиң инвестициялық ҳәм мәдений тартымлылығын арттырады. Бостанлық бүгинги күнде тәбийғый гөззаллығы, заманагөй комплекслери ҳәм жоқары хызмет көрсетиў мәденияты менен мине усындай орайға айланып бармақта.












