Соңғы жыллары елимиздиң барлық аймақларында болғаны сыяқлы, Бозатаў районында транспорт қуралларының саны көбейип, бул жолларда пиядалардың ҳәрекетлениўинде бир қатар машқалалар пайда етип киятырған еди.
Аймақ турғынлары аймағында пиядалар менен байланыслы болған жол транспорты ҳәдийселериниң алдын алыў ушын, «Басламалы бюджет» порталы арқалы районда халық тығыз жайласқан ҳәм транспортлар көп ҳәрекетленетуғын орынларында «Светафор» қурылмаларын орнатыў жойбары бойынша өз усынысларын билдирип ең көп даўыс топлап жеңимпаз болған еди.
Усының нәтийжесинде, «Басламалы бюджет» есабынан 581 млн 800 мың сум қаржы ажыратылып, «Жандос қурыўшы» жуўапкершилиги шекленген жәмийети ағзалары тәрепинен район аймағында 3 светафор, пиядалар өтиў жолына жаңа заманагөй 1 кнопкалы светафор қурылмасы ҳәмде 1-2-санлы мектеп алдындағы пиядалар өтиў жолларына автотранспорт қуралларының тезлигин пәсейтиўши жасалма бәлентликлерди орнатыў жумыслары әмелге асырылды.
Усындай имканиятларды жаратып берип атырған Ҳүрметли Президентимизге шексиз миннетдармыз-дейди аймақ жасыүлкенлериниң бири Турсынбек Айтымбетов.
Ҳәзирги ўақытлары аймақ халқы жаратылған бундай қолайлылықлардан нәтийжели пайдаланып, жолларда қәўипсиз ҳәрекетленбекте.
Б.Тохпанов,
Бердақ атындағы ҚМУ журналистика тәлим бағдарының студенти.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.