Жақында Бозатаў районы ҳәкими Б.Үббиниязовтың басшылығында бир топар исбилерменлер Ферғана ўәлаятында әмелге асырылып атырған социаллық-экономикалық жумыслардың барысы менен танысыў ҳәм өзлериниң ис-тәжирийбесин арттырыў мақсетинде, усы ўәлаятта болды.
Делегация ағзалары дәслеп Қува районында нәл жетистириў менен шуғылланыўшы дийқанлар менен ушырасып, олардың нәл жетистириў усыллары, «Саноатчилар» МПЖ аймағында жасаўшы пуқаралардың үйлеринде қусшылықты раўажландырыў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар менен танысты.
Атап айтқанда, бозатаўлы исбилерменлер қувалы кәсиплеслериниң бөдене бағыў ҳәм оннан қосымша дәрамат табыў тәжирийбелерин үйренди.
Буннан соң бозатаўлылар усы райондағы Пакана МПЖ да шөлкемлестирилген «Бунёдкор» жаслар киши санаат зонасында болып, бул жерде исбилерменлер ушын жаратылған имканиятлар ҳәм қолайлықлар менен танысты. Атап айтқанда, усы аймақтағы «Blu karbon» ЖШЖ тәрепинен қуяш панеллери ҳәм көше шырақлары ҳәм оларды қуўатландырыўшы батареялар ислеп шығарыў процесин көзден өткерди. Сондай-ақ, «Garden Keytering» ЖШЖ ХК тәрепинен Қувасой қаласындағы мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлерине таяр азық-аўқат өнимлерин жеткерип бериў жумыслары менен жақыннан танысып, олардың ис-тәжирийбелерин үйренди.
Соңынан делегация ағзалары Марғулан қаласы Пичоқчи МПЖ да шөлкемлестирилген «Өнерментлер орайы»на барып, бул жерде атлас, адрас ислеп шығарыў ҳәм жипек гилемлер тоқыў сырлары ҳаққында кең түрде мағлыўматларға ийе болды.
Сондай-ақ, хызмет сапары даўамында Ферғана қаласында жайласқан «Auto system glass» кәрханасында микрозелен жетистириў усыллары, «Бешбола» МПЖ аймағында жасаўшы исбилермен Абдуллажон Холматов тәрепинен замарық жетистириўди раўажландырыў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар менен жақыннан танысты.
Ферғана ўәлаятына сапарының екинши күнинде делегация ағзалары Алтыарық районда жүзим егиў, оны жетистириў ҳәм сақлаў усылларын үйренип, ижараға берилген жер майданларында шөлкемлестирилген ыссыханалар ҳәм ондағы жетистирилип атырған өнимлер бойынша өз-ара тәжирийбе алмасты.
Буннан кейин делегация ағзаларының кейинги мәнзили Риштон районы болып, бул жерде гүлалшылық өнимлерин ислеп шығарыўшы «MM Porcelain» ЖШЖ ҳәм «Mingboshi Ceramic» шаңарақлық кәрханаларының гүләлшылық өнимлерин ислеп шығарыў бойынша әмелге асырып атырған жумыслары менен жақыннан танысып, өнерментлер менен өз-ара пикирлести.
Әлбетте, бундай илажлардың өткерилиўи бозатаўлы исбилерменлердиң тәжирийбесин арттырып, олардың алдағы жумысларына айқын бағдар болады, деп айта аламыз.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.