Қарар қабыл етилиўинен тийкарғы мақсет - 2026-2030-жылларда халықтың китап оқыў дәрежесин (бир адам оқыйтуғын китаплар саны) жылына орташа 10 китапқа жеткериў.
Қарарға бола, Жаслар ислери агентлиги жанында китапқумарлық мәдениятын раўажландырыў қоры шөлкемлестириледи ҳәм оның қәўендерлик кеңеси қурамы тастыйықланды.
Қордың қаржылары төмендеги илажларды қаржыландырыўға қаратылатуғыны белгиленди:
- жас жазыўшылардың шығармаларын таңлаў арқалы грантлар ажыратыў ҳәм басып шығарыў, балалар әдебияты тараўындағы жойбарларды қоллап-қуўатлаў;
- талантлы авторларды таңлаў арқалы анықлаў ҳәм олардың дөретиўшилиги ушын шараят жаратыў мақсетинде 1 жылға шекем базалық есаплаў муғдарының 50 есеси муғдарында ҳәр айлық төлем;
- ең жақсы шет ел әдебиятларын өзбек тилине ҳәм миллий әдебиятларды шет тиллерине аўдарғанда оларды таярлаў ҳәм басып шығарыў қәрежетлериниң 50 проценти және авторлық ҳуқық қәрежетлериниң 80 проценти қаплап берилиўи;
- қәўендерлик кеңеси ағзаларына ҳәр шеректе БЕМның 50 есесине шекемги муғдарда ҳақы төлеў.