Қарарға бола, 2026-жыл 1-майдан баслап халықаралық бағдарламалар («Stent for Life» ҳәм «Action Plan for Stroke») тийкарында ислеп шығылған Инфаркт ҳәм инсультқа қарсы гүресиў миллий бағдарламасы (Миллий бағдарлама) аймақларда басқышпа-басқыш әмелиятқа енгизиледи.
Миллий бағдарлама шеңберинде төмендегилерди нәзерде тутатуғын система енгизиледи:
өткир жүрек-қан тамыр ҳәм цереброваскуляр кеселликлерди ерте анықлаў мақсетинде бирлемши медициналық-санитариялық жәрдем мәкемелеринде жылына бир мәрте 30 жастан асқан халықты мақсетли медициналық тексериўден өткериў;
районлараралық биргеликтеги жарақатланыў ҳәм өткир қан-тамыр кеселликлери орайларында инфаркт ҳәм инсульт бойынша күни-түни жумыс ислейтуғын бригадалардың жумысын шөлкемлестириў;
халықаралық стандартлар тийкарында наўқаслардың клиникалық маршрутларын (clinical pathways) ислеп шығыў ҳәм әмелиятқа енгизиў;
тез медициналық жәрдем бригадаларын жасалма интеллект жәрдеминде анализлеў имканиятына ийе телеметрик электрокардиографлар ҳәм монитор дефибрилляторлар менен тәмийинлеў.