Пайтахт ҳәкимлиги баспасөз хызметиниң хабар бериўинше, "шембилик" шеңберинде көп қабатлы турақ жайлар әтирапы ҳәм жәмийетлик аймақларды тазалаў, абаданластырыў ҳәм жасыл майданларды көбейтиў бойынша илажлар әмелге асырылады.
Атап өтилиўинше, пайтахттың барлық районларында тәртип орнатылып, тереклер егиледи, ҳәўлилер безетиледи.
"Бул - сүйикли қаламыздың абатлығы ҳәм тазалығына қосқан улыўма үлесимиз болып есапланады. Ҳүрметли Ташкентлилер! Шембиликте белсене қатнасыўға шақырамыз. Тазалықты сақлаў - бул үлкен қала дәстүри, өзимизге, қоңсыларымызға ҳәм әзиз Ташкентке болған ҳүрметтиң көриниси болып есапланады", - делинеди хабарда.