Бул қалай әмелге асырылады?
Дәслеп, пуқара сырт елде болған ўақытта исеним хатын рәсмийлестиреди ҳәм ўәкилликли мәмлекетлик уйым тәрепинен апостил қойылады.
Бул процести пенсионер сырт елге кеткен күннен баслап 3 ай ишинде әмелге асырыў усыныс етиледи. Болмаса пенсия 3 айдан кейин ўақтынша тоқтатып турылыўы мүмкин.
ЕСЛЕТПЕ: "Пуқаралық, шаңарақлық ҳәм жынаят ислери бойынша ҳуқықый жәрдем ҳәм ҳуқықый қатнасықлар ҳаққында"ғы Конвенцияның қатнасыўшы мәмлекетлеринде жумыс алып барып атырған Өзбекстан пуқаралары исеним хатына апостил қойыўы талап етилмейди.
Пенсионер исенимнаманың түп нусқасын исенимли ўәкилге тапсырады. Исеним билдирилген шахс исенимнаманы пенсионер пенсия алып атырған банкке усынады. Нызамшылық талапларына тийкарланып исенимнаманы алған банктиң тийисли бөлими тәрепинен исенимнама нусқасы Пенсия қорының район (қала) лық бөлимине жибериледи. Усы исеним хаты менен исенимли ўәкил пенсияны алыўды даўам еттириўи мүмкин.
Бунда және соны атап өтиў керек, исеним хатын берген шахс (пенсионер) Пенсия қоры бөлимине 1 жылда кеминде 1 мәрте келип тайынланған пенсияға болған өз ҳуқықын тастыйықлаўы керек болады.
Пенсионердиң пенсиясы тоқтатып турылған жағдайда ямаса пенсионер Өзбекстанға келиў имканияты болмаса не ислеў керек?
Өзбекстанға келиў имканияты болмаған жағдайларда пенсионер Өзбекстан Республикасының сырт елдеги дипломатиялық ўәкилханасы ямаса консуллық мәкемесине мүрәжат етиўи мүмкин ҳәм сырт мәмлекет аймағында турақлы жасаў жағдайы жоқ екенлигин, сондай-ақ, пенсия ямаса социаллық напақа алмайтуғынын тастыйықлайтуғын мағлыўматнаманы алыўы керек.
Алынған усы мағлыўматнама исеним хатына қосымша етилген ҳалда исенимли ўәкил тәрепинен Пенсия қорының район (қала) лық бөлимине усынылыўы керек. Буннан соң, тоқтатып турылған пенсия қайта тикленеди.
Исенимнама менен пенсия алыўды қәлемеген пенсионерлер Өзбекстанға қайтқанынан кейин де алынбай қалған айлардағы пенсияларын белгиленген тәртипте алыў ҳуқықына ийе.