Өзгидромет хабарына бола, ертең, 4-январь күни Өзбекстанның көпшилик аймақларында жаўын-шашын (жаўын, қар) күтиледи. Тек ғана Қарақалпақстан, Хорезм ўәлаяты ҳәм Ферғана ойпатлығы ўәлаятларында жаўын-шашын күтилмейди.
5-январь, екшемби күни республика аймағының үлкен бөлиминде жаўын-шашынсыз ҳаўа-райы болыўы күтиледи. Ферғана ойпатлығы аймақларында ўақты-ўақты жаўын-шашын күтиледи, тийкарынан қар түринде болады. Ташкент, Жиззақ, Сырдәрья ўәлаятларында тек түнде ҳәм азанғы ўақытлары азғана қар жаўыўы мүмкин.
Түнде температура 0...-5 дәреже суўық, күндиз +4...+8 дәреже ыссы, қар ўақтында +1...+3 дәреже ыссы болады.
Республиканың айырым аймақларында думан бақланады.
Республиканың таў алды ҳәм таўлы аймақларында айырым ўақытта жаўын-шашын, тийкарынан қар көринисинде болады. Таўларда қар көшиўи қәўпи бар.
Пайтахтымызда: 3-январь күни жаўын-шашынсыз, температура 5-7 градус ыссы болады.
4-январь күни кеште, сондай-ақ, 5-январь күни түнде ҳәм азанда ўақты-ўақты азғана жаўын-шашын (түнги қар) болыўы күтиледи. 5-январь күни күндиз жаўын-шашын күтилмейди. Түнде температура 0...-3 градус суўық, күндиз +3...+6 градус ыссы болады.
Түнде ҳәм азанғы саатларда орынларда думан түседи.