"Ўзгидромет" агентлигиниң хабар бериўинше, бүгин республика бойынша ҳаўа алағат бултласып, Ташкент, Самарқанд, Жиззақ, Сырдәрья ўәлаятларында ҳәм күнниң екинши ярымында Ферғана ойпаты ўәлаятларында айырым жерлерде бираз қысқа мүддетли жаўын жаўады, гүлдирмама бақланады.
Айрым жерлерде самалдың тезлиги 15-18 м/с қа шекем күшейиўи, шаң-тозаң менен бақланыўы күтилмекте. Айрым жерлерде самалдың тезлиги 22 м/с қа шекем күшейиўи мүмкин. Ҳаўаның температурасы 28-31 градус, қублада 35-38 градус жыллы болады.
Дем алыс күнлери Өзбекстан аймағы бойынша жаўын-шашынсыз ҳаўа-райы болыўы ҳәм температура бираз көтерилиўи күтилмекте. Күндизги ўақытлары ҳаўаның температурасы 31-34 дәрежеге шекем ыссы болыўы күтилмекте.
Таў алды ҳәм таўлы аймақларда 23-25-май күнлери сел-суў тасқын ҳәдийселери жүз бериўи мүмкин.
Ташкентте: бүгин күндиз бираз қысқа мүддетли жаўын жаўады, гүлдирмама болыўы мүмкин. Самалдың тезлиги 12-17 м/с қа шекем күшейеди, айырым жерлерде шаң-тозаң менен бақланады. Ҳаўаның температурасы 28-30 градус жыллы болады. Шемби ҳәм екшемби күнлери жаўын-шашын күтилмейди. Температура тийкарынан 31-34 дәреже әтирапында болады.









