Бул ҳаққында ол өзиниң Телеграм каналында мәлим етти.
"Данияның Өзбекстандағы жаңадан тайынланған елшиси мырза Еспер Вардан исеним жарлықларының нусқаларын қабыл еттик", деп жазған ол.
Сыртқы ислер министриниң мәлим етиўинше, мазмунлы сөйлесиў ўақтында еки тәреплеме қатнасықларды беккемлеў, бирге ислесиўди кеңейтиў, экономикалық байланысларды раўажландырыў ҳәм басқа да бағдарлардағы имканиятлар додаланды.
"Өзбекстан Сыртқы ислер министрлиги шерикликтиң толық потенциалын жүзеге шығарыў жолында жедел бирге ислесиўге таяр екенин билдирди. Мырза елшини бул лаўазымға тайынланғаны менен қызғын қутлықлаймыз ҳәм дипломатиялық миссиясында табыслар тилеймиз", дейди Саидов.









