"Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик шегарасы арқалы физикалық шахслардың ҳәрекетлениўи және олар тәрепинен товарлар ҳәм транспорт қуралларын алып өтиў процесслерин буннан былай да әпиўайыластырыў ҳаққында"ғы Ҳүкимет қарары (44-санлы, 29.01.2025-ж.) қабыл етилди.
Қарарға бола, Электрон нәўбет" автоматластырылған мәлимлеме системасынан пайдаланған ҳалда, автотранспорт қуралларының Мәмлекетлик шегара арқалы өткериў пунктинен ҳәрекетлениў тәртиби ҳаққында"ғы реже тастыйықланды.
Онда хызметтен пайдаланыў ушын ўәкилликли шахс Бажыхана комитетиниң рәсмий веб-сайты ямаса гезеклерди басқарыў системасы енгизилген күтиў зоналарында гезек алыўы мүмкин.
Автотранспорт қуралы нәўбетлерди басқарыў системасында белгиленген ўақытта жетип келмегенде, алынған электрон нәўбет өз күшин жойытады.
Сондай-ақ, қарарға бола, "Физикалық шахслардың Мәмлекетлик шегара арқалы өткериў пунктинен ҳәрекетлениўинде "Фаст-траск" хызметинен пайдаланыў тәртиби ҳаққында"ғы реже тастыйықланды.
Оған бола, хызметтен пайдаланыў ушын физикалық тәреплер ямаса юридикалық тәреп ўәкили Бажыхана комитетиниң рәсмий веб-сайты ямаса электрон төлем системалары арқалы ҳәрекетлениўден алдын электрон ямаса өткериў пунктине ҳәрекетлениў ўақтында аўызеки түрде мүрәжат етеди.
Хызметтен пайдаланыўшы шахслар және олардың қол жүги ҳәм багажлары қадағалаўы усы хызмет ушын ажыратылған өз алдына орынларда мәмлекетлик қадағалаў уйымлары тәрепинен гезексиз әмелге асырылады, усы хызметтен пайдаланып атырған физикалық шахслардың нәўбети буған кирмейди.
Хызметтен пайдаланғаны ушын төлем 18 жасқа толған ҳәр бир физикалық шахс ушын нәўбет алынатуғын күндеги БЕМның 15 проценти муғдарында төленеди.
