Қарарға муўапық 2025-жыл 1-майдан:
- республикалық ҳәм жергиликли атқарыўшы ҳәкимият уйымларының инсан ресурсларын басқарыў бойынша жумысы Мәмлекетлик пуқаралық хызмети тараўындағы арнаўлы ўәкилликли мәмлекетлик уйым тәрепинен баҳалап барылады;
- республикалық ҳәм жергиликли атқарыўшы ҳәкимият уйымларының инсан ресурсларын раўажландырыў ҳәм басқарыў бөлимлериниң басшылары усы қарар талаплары тийкарында Мәмлекетлик пуқаралық хызмети тараўындағы арнаўлы ўәкилликли мәмлекетлик уйым тәрепинен аттестациядан өткериледи.
Қарар менен "Республика атқарыўшы ҳәкимият уйымларының инсан ресурсларын раўажландырыў ҳәм басқарыў бөлимлери ҳаққында"ғы Үлги реже тастыйықланды.
Усы Реже республикалық атқарыўшы ҳәкимият уйымлары инсан ресурсларын раўажландырыў ҳәм басқарыў бөлимлериниң ўазыйпалары ҳәм функциялары, жумысын шөлкемлестириў тәртибин және оларға қойылатуғын талапларды белгилейди.
Бөлим басшысы лаўазымына, әдетте, жоқары мағлыўматқа ийе болған, кеминде 2 жыл мийнет стажына ийе болған, мийнет ҳаққындағы нызамшылықты өзлестирген, инсан ресурсларын басқарыў ҳәм раўажландырыў және мәлимлеме қәўипсизлиги ҳәм жеке мағлыўматлар менен ислесиў бойынша билимлерге ийе болған шахслар тайынланады.