Мәмлекет басшылары Авазадағы миллий павильонларды барып көрди

    БМШтың Теңизге шығыў имканияты жоқ раўажланып атырған мәмлекетлер бойынша конференциясы шеңберинде мәмлекет басшылары Орайлық Азия мәмлекетлери ҳәм Әзербайжан миллий күнлерине бағышланған илажларда қатнасты.

    Миллий күнлер регион халықларының бай мәдений мийрасын, беккемленип атырған қоңсышылық байланысларын ҳәм кеңейип атырған мәдений-гуманитарлық бирге ислесиўин көрсетиў мақсетинде шөлкемлестирилди.

    Бул жерде дәстүрлер ҳәм өнерментшиликке бағышланған, мәденият, көркем өнер ҳәм туризм тараўларындағы заманагөй жетискенликлер сәўлеленген миллий павильонлар ашылған. Сондай-ақ, миллий тағамлар көргизбеси ҳәм аспазлық бойынша шеберлик сабақлары шөлкемлестирилген.

    Дәстүрий өзбек ҳәўлиси көринисинде қурылған Өзбекстан павильоны келиўшилерде жарқын тәсир қалдырды.

    Илаж регионаллық өзине тәнлик ҳәм мәдений ҳәр түрлиликтиң гезектеги үлгиси сыпатында өз-ара түсинисиўди беккемлеўге ҳәм Орайлық Азияны тынышлық, турақлылық ҳәм абаданлық мәканы сыпатында көрсетиўге хызмет етти.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates