Мағлыўмат ушын, оқыў жоқары дәрежеде ерисилген келисимлердиң орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде шөлкемлестирилди.
Бул тәжирийбе арттырыў курсы Корея Республикасы Инсан ресурсларын раўажландырыў миллий институты (NHI) тийкарында басқарыў кадрларын комплексли баҳалаў тараўында миллий эксперт-тренерлерди таярлаў, сондай-ақ, миллий қәнигелер тәрепинен интервью өткериў, баҳалаў усылларын ислеп шығыў мақсетинде шөлкемлестирилди.
Бағдарламада Басшы кадрларды баҳалаў орайына ассессорлар сыпатында тартылған уйымлар ҳәм шөлкемлердиң басқарыў хызметкерлери қатнаспақта.
Хызмет сапарының жуўмақлары бойынша басшы кадрларды баҳалаў системасын жетилистириў мақсетинде "Тренерлер ушын тренинглер" (ТоТ) бағдарламасын ислеп шығыў режелестирилген.