Президентимизге бул жойбар Қытай ҳәм Германия компаниялары менен биргеликте 10 гектар майданда әмелге асырылып атырғаны, оның улыўма баҳасы 36 миллион доллар екени ҳаққында мәлимлеме берилди.
Бул жерде қурылыс жумыслары 90 процентке орынланған болып, жойбар шеңберинде 14,9 миллион доллар инвестиция өзлестирилген.
2025-жылы Өзбекстанға 15 миллион долларлық мыс қубырлар ҳәм фитинг импорт етилген. Кәрхана толық иске қосылғаннан соң, 10 миллион долларлық импорттың орнын басатуғын өнимлер ислеп шығарылыўы күтилмекте.
Кәрханада 300 жаңа жумыс орны жаратылады, бюджетке 200 миллиард сум түсим ҳәм 350 миллион долларлық экспорт тәмийинленеди. Өнимлер Бирлескен Арабстанға жеткерип бериледи.
Президентимиз мыс қубырлар ҳәм фитинглер ислеп шығарыўды буннан былай да раўажландырыў, жоқары қосымша қунлы санаат өнимлериниң үлесин арттырыў әҳмийетли екенлигин атап өтти.
Бундай заманагөй, бәсекиге шыдамлы кәрханаларды көбейтиў арқалы ишки базар талабын толық қанаатландырыў, экспорт потенциалын және де кеңейтиў зәрүр екенлиги атап өтилди.