Чувашия Республикасы делегациясы қурамында мәмлекетлик ҳәм исбилермен топарлардың ўәкиллери де болды. Сапар бағдарламасы шеңберинде мийманлар Нәўбәҳәр районындағы бир қатар санаат ҳәм аўыл хожалығы кәрханаларында болып, жергиликли өндирис кәрханаларының жумысы менен танысты, өз-ара бирге ислесиўдиң перспективалы бағдарларын додалады.
Делегация ағзалары трикотаж жип ислеп шығарыў кәрханасында болып, кәрхананың технологиялық процесслери, экспортқа бағдарланған өнимлердиң түрлери, ислеп шығарыўда қолланылып атырған заманагөй әсбап-үскенелер менен танысты.
Буннан соң мийманлар таяр трикотаж өнимлери ҳәм аяқ кийим ислеп шығарыў комплекси, сүт өнимлерин жетистириў ҳәм қайта ислеў имканияты жаратылған шарўашылық комплекси, пүткил мәўсим даўамында жоқары зүрәәтлиликти тәмийинлейтуғын жетистириў технологияларына қәнигелескен заманагөй ыссыхана комплекслери менен танысты.
Жергиликли исбилерменлер менен ушырасыў ҳәм сөйлесиўлер өткерилип, санаат кооперациясы, инвестициялық жойбарлар, тәжирийбе алмасыў сыяқлы бағдарларда бирге ислесиўди раўажландырыў имканиятлары додаланды.
Наўайы ўәлаяты ҳәкиминиң орынбасары Эльбек Ғаффоров пенен сөйлесиўлерде Чуваш Республикасы санаат ҳәм энергетика министри Марат Якушев басшылығындағы 10 нан аслам исбилерменлерден ибарат делегация тәрепинен таў-кән ҳәм аўыл хожалығы санаатында қолланылатуғын әсбап-үскенелер ҳәм техникаларды биргеликте ислеп шығарыў бойынша бир қатар перспективалы жойбарларды биргеликте және де әмелге асырыў мәселелери додаланды.
Дилфуза Ғуломова.