Өзбекстан делегациясы АҚШта бир қатар сөйлесиўлер өткермекте

    20 қыркүйек 2025 708

    Өзбекстан Республикасы инвестициялар, санаат ҳәм саўда министри Лазиз Қудратов басшылығындағы делегация Америка Қурама Штатларына әмелий сапарын даўам еттирмекте, онда АҚШ ири корпорациялары, қаржы институтларының басшылары ҳәм ҳүкимет ўәкиллери менен ушырасыўлар өткерилмекте.

    Сөйлесиўлердиң орайында стратегиялық шериклик, инфраструктура ҳәм энергетика жойбарларын раўажландырыў, сондай-ақ, инвестициялық бирге ислесиўди кеңейтиў мәселелери бар.

    Транспорт системасын, соның ишинде, автомобиль жоллары ҳәм авиация жойбарларын модернизациялаў, энергия жеткерип бериў ҳәм бөлистириў тармақларын раўажландырыў, машина қурылысы, аўыл хожалығы техникасы ҳәм жаңа технологиялар тараўларында санаат кооперациясын кеңейтиўге айрықша итибар қаратылмақта.

    Финанс тараўында халықаралық банклер ҳәм төлем системалары менен бирге ислесиўдиң жаңа механизмлери додаланбақта.

    Өзбекстан Жумысшы топары дүньяның жетекши компаниялары ҳәм қаржы институтлары менен биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыў ҳәм узақ мүддетли бирге ислесиўди беккемлеўге қаратылған жедел сөйлесиўди даўам еттирмекте.


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates