Өзбекстан делегациясы Беларусь Республикасына рәсмий сапар менен барады

    Усы жылдың 2-3-сентябрь күнлери Олий Мажлис Сенатының Баслығы басшылығындағы Өзбекстан делегациясы рәсмий сапар менен Беларусь Республикасында болады.

    Сапар етиў шеңберинде Олий Мажлис Сенатының Баслығы Танзила Нарбаеваның Беларусь Республикасы Миллий мәжилиси Республика Кеңесиниң Баслығы Наталья Кочанова менен ушырасыўы болып өтеди.

    Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты ҳәм Беларусь Республикасы Миллий мәжилиси Республика Кеңеси арасында бирге ислесиў бойынша комиссияның биринши мәжилиси, жергиликли ўәкилликли уйымлар ўәкиллериниң ушырасыўы ҳәм Жас парламентарийлер форумы болып өтеди.

    Сапар етиў даўамында Өзбекстан ҳәм Беларусь исбилермен ҳаял-қызларының үшинши бизнес-форумы болып өтеди. Форум шеңбериндеги жети тема бойынша секция мәжилислеринде ҳәр қыйлы тараўларда бирге ислесиўди тереңлестириў мәселелери, инвестициялық жойбарларды додалаў, тәжирийбе алмасыў ҳәм еки тәреплеме ҳүжжетлерге қол қойыў нәзерде тутылған.

    Сондай-ақ, Витебск қаласында шөлкемлестирилетуғын «Made in Uzbekistan» миллий көргизбесинде азық-аўқат, фармацевтика, жеңил санаат, туризм, өнерментшилик, электроника сыяқлы тараўларда жумыс алып барып атырған 70 тен аслам исбилермен ҳаял-қызлар өз өним ҳәм хызметлерин көрсетеди.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates