Делегация қурамында ўәлаяттың туризм басқармасы ҳәм мектепке шекемги билимлендириў басқармасы, Үргенш мәмлекетлик университети басшылары, исбилерменлер бар, деп хабар бермекте "Дунё" МА.

Сапар даўамында аймақлараралық бирге ислесиўди беккемлеў, билимлендириў, туризм ҳәм санаат тараўларында жаңа жойбарларды баслаў, исбилермен топарлар арасында тиккелей байланысларды раўажландырыўға қаратылған ушырасыў ҳәм илажлар өткерилди.

Стамбулда делегация ўәлаят ҳәкими Даўыт Гул менен ушырасты. Тәреплер еки тәреплеме аймақлараралық байланысларды кеңейтиў, туристлер ағымын көбейтиў ҳәм исбилерменлер арасындағы шерикликти хошаметлеў мәселелерин додалады.

Сондай-ақ, Стамбул университети басшылары менен билимлендириў, академиялық алмасыў, биргеликтеги илимий изертлеўлер ҳәм студентлер мобиллиги тараўларында бирге ислесиў бойынша сөйлесиўлер өткерилди.

Делегация «İkitelli» санаат зонасында болып, өндирис инфраструктурасы, кластерлер системасы ҳәм инвесторлар ушын жаратылған шараятлар менен жақыннан танысты, Хорезм ўәлаятына Түркия инвестицияларын тартыў имканиятларын додалады.

Ғәрезсиз санаатшылар ҳәм исбилерменлер ассоциациясы (MÜSİAD) менен биргеликте шөлкемлестирилген бизнес-форум шеңберинде еки мәмлекет исбилерменлери арасында В2В ушырасыўлары өткерилип, санаат кооперациясы, азық-аўқат санааты, тоқымашылық, қурылыс материаллары ҳәм хызмет көрсетиў тараўларындағы жойбарлар додаланды.

Делегация Трабзонда қала ҳәкими Таҳир Шаҳин ҳәм қала ҳәкиминиң орынбасары Аҳмет Гулай менен ушырасты. Қара теңиз регионлары менен саўда-экономикалық байланысларды, логистика ҳәм туризм тараўларындағы бирге ислесиўди, мәдений-ағартыўшылық алмасыўды жеделлестириў мәселелери додаланды.

Сондай-ақ, Трабзон туризм ҳәм мәденият басқармасы басшылары менен ушырасыў өткерилип, еки ўәлаяттың туризм потенциалын биргеликте үгит-нәсиятлаў бойынша келисимлерге ерисилди.

Сапар етиў жуўмағында Стамбул, Трабзон ҳәм Хийўа қалаларында гезекпе-гезек "Мәденият ҳәм туризм күнлери"н өткериў, "Үргенш - Стамбул" авиарейслерин көбейтиў ҳәм "Үргенш - Трабзон" тиккелей рейслерин шөлкемлестириў, Түркия исбилерменлер делегациясының Хорезм ўәлаятына сапарын таярлаў бойынша қарар қабыл етилди.

Сапар етиў нәтийжесинде Хорезм ўәлаяты делегациясы Түркияның жетекши аймақлары менен беккем институционаллық ҳәм исбилерменлик байланысларын орнатты. Сыртқы экономикалық байланысларды кеңейтиў, сырт ел инвестицияларын тартыў, туризм ҳәм билимлендириў тараўларындағы бирге ислесиўди жаңа басқышқа көтериўге хызмет ететуғын бир қатар перспективалы инвестициялық ҳәм кооперациялық жойбарлар бойынша дәслепки келисимлерге ерисилди.