"Қытай — Орайлық Азия (Өзбекстан) 2026" саўда көргизбеси Халықаралық саўданы раўажландырыў бойынша Қытай комитети тәрепинен шөлкемлестирилген (China Central Asia (Uzbekistan) саўда көргизбеси 14-16-октябрь күнлери Ташкент қаласындағы "Өзекспоорай"да болып өтеди.
2025-жылы биринши көргизбе табыслы өткерилгеннен соң, илаж избе-из екинши мәрте Өзбекстанда өткериледи ҳәм саўда-экономикалық байланысларды раўажландырыў ушын ири халықаралық майданға айланады. Көргизбениң тийкарғы мақсети Қытай ҳәм Орайлық Азия мәмлекетлери арасында саўда-экономикалық бирге ислесиў ҳәм исбилерменлик байланысларын беккемлеў ушын арнаўлы платформа жаратыў, сондай-ақ, тәреплер арасында санаат кооперациясы ҳәм саўда байланысларын раўажландырыўдан ибарат.
2026-жылы Қытай ҳәм Өзбекстан арасында ҳәр тәреплеме стратегиялық шериклик қатнасықлары орнатылғанына он жыл толады. Быйылғы жыл Қытай ҳәм Орайлық Азия мәмлекетлери арасындағы бирге ислесиўди сапа жағынан раўажландырыўға бағышланды. 31-август күни Шанхай бирге ислесиў шөлкеми Мәмлекет басшылары кеңесиниң мәжилиси шеңберинде Өзбекстан ҳәм Қытай жетекшилери еки тәреплеме қатнасықлардың жаңа "алтын он жыллығы"н ашыўға таяр екенин билдирди.
Ҳәзирги ўақытта еки мәмлекет ашық-айдынлық, бирге ислесиў ҳәм өз-ара пайда принциплерине әмел етип, саўданы либералластырыў, санаатқа инвестиция киргизиў, "жасыл" раўажланыў сыяқлы тараўларда бирге ислесиў имканиятларын избе-из кеңейтип келмекте. Булардың барлығы быйылғы көргизбени өткериў ушын беккем тийкар жаратпақта.
Быйылғы экспозиция биринши мәрте өткерилген табыслы тәжирийбе тийкарында жетилистирилди. Қытай ҳәм Өзбекстанның санаат тармақлары бир-бирин толықтыратуғынын есапқа алып, шөлкемлестириўшилер тийкарғы итибарды санаатты автоматластырыў ҳәм робототехника, жаңа энергия дәреклеринде ислейтуғын автомобильлер ҳәм олардың комплектлеўши бөлеклери, жасалма интеллект сыяқлы әҳмийетли бағдарларға қаратады.
Көргизбе бағдарламасында үш тийкарғы өзгешеликти көрсетиў мүмкин.
Бириншиден, көргизбеге қойылатуғын товарлардың сапасы избе-из арттырылмақта, майданларды шөлкемлестириў санааттың заманагөй раўажланыў тенденцияларына бейимлестирилмекте. Усы жылы жабық көргизбе майданы 4 мың квадрат метр, ашық көргизбе майданы 800 квадрат метр болады.
Көргизбеде Қытайдың 19 провинциясы, автономиялы районлары ҳәм орайға бойсыныўшы қалаларының кәрханалары қатнасады. Интеллектуаллық өндирис, "жасыл" энергетика, тутыныў электроника, хызметлер саўдасы ҳәм жаңа энергия дәреклериндеги транспорт қуралларына қәнигелестирилген бес тематикалық аймақ шөлкемлестириледи.
Мийманларға Қытайдың жаңа сапаға ийе өндирис күшлерин раўажландырыў бағдарындағы ең соңғы жетискенликлери таныстырылады. Бул қолланбалар Өзбекстан ҳәм Орайлық Азияның басқа да мәмлекетлери санаатын экономикалық раўажландырыў ҳәм модернизациялаўдың тийкарғы бағдарларына сәйкес келеди.
Биринши мәрте мәмлекеттиң миллий көринисин көрсетиўге қаратылған "Қытай имканиятлары" арнаўлы экспозициясы шөлкемлестириледи. Мийманлар ҚХРдың сыртқы экономикалық байланысларды кеңейтиў бағдарындағы жетискенликлери, мәмлекеттиң түрли аймақларында бизнес жүргизиў шараятлары, заманагөй интеллектуаллық технологиялар менен танысыў имканиятына ийе болады.
Сондай-ақ, дәстүрий Қытай мәдениятына бағышланған интерактив зона шөлкемлестириледи. Мийманлар тематикалық илажларда қатнасып, Қытайдың мәдений мийрасы менен жақыннан танысыў имканиятына ийе болады. Усы тәризде көргизбеге келиўшилер экспонатларды көзден өткериў ҳәм интерактив бағдарламаларда қатнасыўды өзинде жәмлеген көргизбениң исбилерменлик орталығына шығыў имканиятына ийе болады.
Екиншиден, көргизбе жетекши кәрханаларды бир майданда бирлестиреди ҳәм алдынғы инновациялық жетискенликлерди көрсетеди. Онда қатнасыў ушын Қытайдың 200 ге шамалас перспективалы компаниялары таңлап алынған. Қәнигелескен, жоқары технологиялы, инновациялық кәрханалар, сондай-ақ, раўажланыў дәрежеси жоқары ҳәм өзине тән компетенциялар менен ажыралып туратуғын компаниялардың үлеси 30 проценттен артады.
Қатнасыўшылар арасында өз тармақларында жетекши болған “CAMCE”, “Yonyou Network” ҳәм “Focus Technology” компаниялары, сондай-ақ, айрықша перспективалы бағдарларға қәнигелескен “Lanxin Robotics”, “Zhengzhou City Unites Steel Industrial Co., Ltd.” ҳәм “LAISAI” сыяқлы кәрханалар бар.
Алдынғы көргизбеге салыстырғанда жасалма интеллект, энергияны сақлаў системалары ҳәм трансшегаралық электрон коммерция сыяқлы алдынғы тараўларда жумыс алып барып атырған компаниялардың үлеси сезилерли дәрежеде артады.
Қатнасыўшылар технологиялық инновациялар, "жасыл" ҳәм төмен углеродлы раўажланыў, сондай-ақ, санлы трансформация тараўларында Қытай кәрханаларының ең соңғы жетискенликлери ҳәм алдынғы тәжирийбелерин таныстырады. Бул Қытай санаатының тийкарғы бәсекиге шыдамлы үстинликлерин анық көрсетиў имканиятын береди ҳәм Орайлық Азия мәмлекетлериниң алдынғы технологияларын енгизиў және санаат системаларын жетилистириўге хызмет етиўи мүмкин.
Үшиншиден, көргизбениң исбилерменлик бағдарламасы исбилермен шериклер арасында исбилерменлик байланысларын нәтийжели жолға қойыўға қаратылған әмелий илажларға бай болады. Көргизбе өнимлерди көрсетиў, исбилерменлик сөйлесиўлери, хызметлерди таныстырыў ҳәм технологияларды алмасыўды өзинде жәмлеген комплексли халықаралық платформаға айланады.
Илаждың әмелий нәтийжелилигин арттырыў мақсетинде бир қатар исбилерменлик илажлары, соның ишинде, Қытай - Өзбекстан инвестициялық бирге ислесиў форумы, саўда-экономикалық бирге ислесиў мәселелери бойынша қәнигелестирилген сөйлесиў ушырасыўлары, кәрханалар арасында В2В форматындағы исбилерменлик сөйлесиўлери өткерилиўи режелестирилген. Шэньси провинциясы, Синьцзян-Уйғур автоном районы ҳәм Қытайдың басқа да аймақларынан келген делегациялар саўда-экономикалық бирге ислесиўге бағышланған өз алдына презентациялық ушырасыўлар өткереди.
Өз-ара ашық-айдынлық ҳәм өз-ара пайда принциплерине сүйенген ҳалда, көргизбе саўда, инвестиция ҳәм санаат тараўларындағы еки тәреплеме бирге ислесиўди ҳәр тәреплеме беккемлеўге хызмет етеди. Ол Қытай кәрханалары ушын Орайлық Азия базарларына шығыў бойынша әҳмийетли каналға, Өзбекстан ҳәм регионның басқа да мәмлекетлериниң компаниялары ушын болса Қытай менен жақыннан танысыў ҳәм бирге ислесиў ушын жаңа имканиятларды излеўде әҳмийетли майданға айланыўын ўәде етпекте.
Көргизбе әмелий бирге ислесиў ушын көп тәреплеме имканиятлар жаратып, Қытай ҳәм Өзбекстан арасындағы саўда-экономикалық байланыслардың сапа жағынан раўажланыўына күшли түртки береди, еки тәреплеме қатнасықлардың жаңа "алтын он жыллығы"н биргеликте қәлиплестириўге жәрдемлеседи, Қытай ҳәм Орайлық Азия мәмлекетлериниң бирден-бир тәғдириниң және де тығыз бирге ислесиўин қурыўға үлес қосады.