Аманхана аўылы БМШтың Туризм аўылларын раўажландырыў бағдарламасына киргизилген

    Туризм 18 қараша 2025 330

    Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Туризм бойынша "Ең жақсы туризм аўыллары" (Best Tourism Villages) жойбарының нәўбеттеги жеңимпазларын жәриялады. Бул глобал жойбар туристлик аўылларға итибарды күшейтиў, киши аўыллардың өзине тән мәденияты, үрп-әдетлери ҳәм тәбийғый гөззаллығын сақлап қалыўға қаратылған. Быйылғы таңлаўға Африка, Америка, Азия ҳәм Европаның 65 мәмлекетинен 270 тен аслам талабан қабыл етилди.

    Бул таңлаўда қатнасыў ушын Туризм комитети тәрепинен усынылған Сурхандәрья ўәлаяты Байсын районы Аманхана аўылының кандидатурасы жеңимпазлардан бири деп табылып, жойбардың "Раўажланыў бағдарламасы" (Upgrade Programme) на киргизилди. Бул Өзбекстан туризм тараўының халықаралық көлемдеги гезектеги жетискенлиги болып есапланады.

    Сурхандәрья ўәлаяты Байсын районының таўлы аймағында жайласқан Аманхана аўылы өзиниң тәбийғый ландшафтлары, шыпалы булақлары, тарийхый естеликлери, материаллық емес мәдений мийрасы ҳәм миймандос халқы менен белгили. Кейинги жылларда бул аймақта туризм инфраструктурасы басқышпа-басқыш раўажландырылып, туристлерге және де қолайлы шараятлар жаратыў мақсетинде аўыл аймағында туризм орайы қурылмақта. 2024-жылы Аманхана аўылына Өзбекстанның туризм аўылы статусы берилди.

    Аманхана аўылының бул бағдарламаға киргизилгени тек ғана халықаралық көлемде тән алынғаны емес, ал Өзбекстанның аўыллық жерлерди турақлы раўажландырыў ҳәм жаңа туристлик орайларды қәлиплестириў бағдарындағы избе-из сиясатының табыслы нәтийжеси болып есапланады.

    Туризм потенциалы жоқары болған аўыллар таңлаў тийкарында БМШтың "Туризмди раўажландырыў бағдарламасы"на киргизиледи. Бул бағдарлама аўылдың потенциалын буннан былай да арттырыў, оны қәнигелер, оқыў бағдарламалары ҳәм техникалық мәсләҳәтлер арқалы туристлерге жеткериўге қаратылған.

    Бағдарламада БМШ Туризм экспертлери тәрепинен туризм инфраструктурасын раўажландырыў бойынша стратегиялық жол картасын ислеп шығыў, халықаралық экспертлер менен тренинг ҳәм мәсләҳәтлесиўлер өткериў, халықаралық тәжирийбе тийкарында жергиликли басқарыў, хызмет көрсетиў сапасы ҳәм маркетинг системасын жақсылаў, аўылды "Ең жақсы туризм аўыллары тармағы"на (Best Tourism Villages Network) киргизиў арқалы басқа мәмлекетлер менен бирге ислесиў ҳәм тәжирийбе алмасыў имканиятларын жаратыў нәзерде тутылған.

    Мағлыўмат ушын: БМШ Туризм "Ең жақсы туризм аўылы" таңлаўы 2021-жылдан берли өткерилмекте. Бул статус экологиялық ҳәм агротуризм тараўында айрықша көрсеткишлерге ие болған, соның ишинде, мәдений ҳәм тәбийғый байлықлар, органикалық азық-аўқат өнимлери ҳәм турмыс тәризин сақлап қалған аўылларға берилип, дүньяда ең жақсы туризм аўылы сыпатында тән алынады.

    2023-жылы Наўайы ўәлаятының Сентоб аўылы усындай сыйлыққа миясар болды.


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates