Абитуриентлерге жоқары оқыў орынларына кириў ушын қосымша имканиятлар берилди

    Билимлендириў 22 қыркүйек 2025 593

    Өзбекстанда абитуриентлер ушын жаңа имканиятларды нәзерде тутатуғын Билимлендириў шөлкемлерине қабыллаў бойынша мәмлекетлик комиссияның мәжилис протоколы тастыйықланды.

    Бул ҳаққында Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлигиниң баспасөз хызмети хабар бермекте.

    Ҳүжжетке муўапық:

    • бакалавриаттың қалған бос орынлары ушын таңлаў өткериледи. 56,7 балл ҳәм оннан жоқары балл топлаған, бирақ таңлаўдан өте алмаған, сондай-ақ, дизимнен өтиўдиң екинши басқышында ЖОО ҳәм бағдарын таңламаған абитуриентлер қатнасыўы мүмкин;
    • абитуриентлерге кириў имтиханларының нәтийжелери бойынша дифференциалластырылған төлемли-контракт тийкарында оқыўға кириў имканияты бериледи;
    • республикада жумыс алып барып атырған сырт ел ҳәм мәмлекетлик емес жоқары оқыў орынлары ушын мәмлекетлик буйыртпалар тастыйықланған;
    • Қарақалпақстан жаслары ушын қосымша грант ҳәм контракт орынлары ажыратылды.

    Сондай-ақ, Президент грантының бағдарлары бойынша квоталардың бөлистирилиўи ҳәм мәмлекетлик жоқары оқыў орынларының магистратурасына таңлаў нәтийжелери тастыйықланды.

    Қабыл етилген қарар жоқары оқыў орынларына кириў имканиятларын кеңейтиў, жаслардың жоқары билимлендириўге қамтып алыныўын арттырыўға хызмет етеди.


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates