Мағлыўмат ушын, "ALP" Уллы Британиядағы ең ири шөлкемлерден бири болып, мәўсимлик жумыслар ушын, сондай-ақ, азық-аўқат санааты, логистика ҳәм басқа да тараўларда жумысшыларды тартыўды тәмийинлейтуғын 300 ден аслам компанияны бирлестиреди.
- Биз Өзбекстан миграция агентлиги менен бирге ислесиўди жаңа басқышқа алып шығыў ҳәм өзбекстанлы жас қәнигелерди Уллы Британия кәрханаларына жумысқа жайластырыўға жәрдемлесиўге таярмыз, - деди ALP Дэвид Кэмп.
Сөйлесиўлер жуўмағында Британияның мәўсимлик жумысшылар бағдарламасы шеңберинде Өзбекстан пуқаралары ушын квоталарды арттырыў, жаңа операторлар менен шәртнамалар дүзиў, сырт елде өзбекстанлылардың қәўипсиз ҳәм шөлкемлескен ҳалда жумысқа жайласыўын тәмийинлеў бойынша келисимге ерисилди.









