Исбилерменликти раўажландырыў мәмлекетимизде стратегиялық ўазыйпаға айланған. Экономиканың раўажланыўы, халықтың бәнтлиги ҳәм турмыс абаданлығында бул тараўдың орны оғада үлкен. Сол себепли бизнес жүргизиў қағыйдалары әпиўайыластырылып, қолайлықлар арттырып барылмақта. Санлы технологиялар ғалаба ен жайып атырғаны бунда қол келмекте.
Енди буны даўам еттирген ҳалда, ашық-айдын исбилерменлик орталығын қәлиплестириў, нақ пулсыз төлемлер ушын қолайлықларды кеңейтиў нәзерде тутылмақта.
Оған бола, жеке тәртиптеги исбилерменлер ҳәм өзин-өзи бәнт еткен шахслар ушын 2030-жыл 31-декабрьге шекем арнаўлы ҳуқықый режим енгизиледи. Оларды мәмлекетлик дизимнен өткериўден баслап есабатты тапсырыўға шекемги барлық тийкарғы хызметлерди бирлестиретуғын интеграцияласқан санлы платформалар жаратылады. Соның ишинде, жумысты рәсмийлестириў, банк есап бетлерин ашыў ҳәм басқарыў, салықларды есаплаў ҳәм төлеў, есап-санақлар ҳәм фискал чеклерди қәлиплестириў усы санлы платформалар арқалы жүргизиледи.
Бул системада электрон ҳәмиян ашылыўы исбилерменлерге дәраматларды қабыл етиў, хызметкерлер, контрагентлер ҳәм шөлкемлер менен есап-санақларды әмелге асырыў, салықлар ҳәм басқа да мәжбүрий төлемлерди төлеў имканиятын береди. Электрон ҳәмиянға ийе болған жеке тәртиптеги исбилерменлер ҳәм өзин-өзи бәнт еткен шахслар ушын банк есап бетлерин ашыў ықтыярлы болады.
2025-жыл 1-ноябрьден баслап, бул процесслерде “QR-код” ҳәм “tap to pay” технологиясынан пайдаланылады. Ҳүжжетлерге аралықтан турып биометрия ҳәм "SMS хабарнама" арқалы электрон гилтсиз қол қойыў мүмкин болады. Бул мағлыўматлар қағаз көширмелердеги ҳүжжетлер менен теңлестириледи. "Күнлик төлем" тәртиби тәжирийбе тәризинде енгизилип, хызметкерлерге төлемлерди электрон ҳәмиянның жәрдеминде төлеў имканияты жаратылады.
2026-жыл 1-январьдан баслап жыллық айланысы 1 миллиард сумға шекем болған жеке тәртиптеги исбилерменлер ҳәм өзин-өзи бәнт еткен шахслар ушын айланыстан алынатуғын салық ставкасы 1 процент муғдарында белгиленеди.
Жеке тәртиптеги исбилерменлер ҳәм өзин-өзи бәнт еткен шахсларда электрон төлемлерди қабыллайтуғын арнаўлы QR-кодтың болыўы усақлап сатыў қағыйдаларының мәжбүрий талабы етип белгиленеди. Санлы платформадағы пул айланыслары ҳаққындағы мағлыўмат кредит ажыратыўда инабатқа алынады.
Президентимиз бул усынысларды мақуллап, жеке тәртиптеги исбилерменлер ҳәм өзин-өзи бәнт еткен шахслар ушын қолайлы шараятлар жаратыў илажлары ҳаққындағы қарарға қол қойды.











