Қарақалпақстанлы жасларға жоқары оқыў орынларында қосымша грант ҳәм контракт орынлары ажыратылды

    Билимлендириў 23 қыркүйек 2025 605

    Мәмлекетлик комиссияның қарарына муўапық, 2025/2026-оқыў жылында Қарақалпақстан жаслары ушын жоқары оқыў орынларына оқыўға кириўде қосымша 3 имканият нәзерде тутылған.

    Биринши мүмкиншилик. 2025-жыл 24-30-сентябрь күнлери Қарақалпақстанда турақлы жасаўшы, тест сынақларында 68 ҳәм оннан жоқары балл топлаған ҳәм мәмлекетлик жоқары оқыў орынларының күндизги тәлим бағдарына контракт тийкарында оқыўға усыныс етилген абитуриентлер 500 мақсетли орынға талабан болыўы мүмкин. Дизимнен өтиў my.uzbmb.uz порталы арқалы әмелге асырылады.

    Екинши имканият. 2025-жыл 29-сентябрьден 6-октябрьге шекем Қарақалпақстандағы билимлендириў мәкемелериниң питкериўшилери, соның ишинде, шет ел ҳәм мәмлекетлик емес жоқары оқыў орынларына контракт тийкарында оқыўға кириўге усыныс етилгенлер ушын және 200 мәнзилли орын ажыратылады. Дизимнен өткен абитуриентлер ушын 12-октябрьге шекем тест сынақлары өткерилип, нәтийжелер болса 17-октябрьге шекем жәрияланады.

    Мағлыўмат ушын: дизимнен өткен абитуриентлерден Президенттиң 2019-жыл 14-майдағы ПҚ-4319-санлы қарарында белгиленген муғдарда төлем алынады.

    Әҳмийетли тәрепи: биринши ҳәм екинши имканият бойынша оқыўға кирген студентлер жоқары оқыў орнын тамамлағаннан соң, тийисли аймақта 3 жыл мийнет етиўи шәрт.

    Үшинши имканият. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң сораўы тийкарында Билим ҳәм маманлықты баҳалаў агентлиги тәрепинен мәмлекетлик жоқары оқыў орынларында қосымша 7 225 контракт орынлары тастыйықланды. Оларға Қарақалпақстандағы билимлендириў мәкемелериниң кириў имтиханларында 56,7 ҳәм оннан жоқары балл топлаған, бирақ алдын оқыўға усыныс етилмеген питкериўшилери талабан бола алады.


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates