Сентябрь айының ақырына шекем "Самарқанд - Ташкент - Самарқанд" жөнелисиндеги "Афросиёб" тезжүрер поездының қатнаўлар саны арттырылды

    9 қыркүйек 2025 455

    Туристлер ушын қосымша қолайлықлар жаратыў, олардың ҳәрекетлениў шараятларын жақсылаў, сондай-ақ, әмелдеги рейслердиң жүклемесин азайтыў мақсетинде "Самарқанд - Ташкент - Самарқанд" жөнелисинде "Афросиёб" тезжүрер электропоездының 775/776-санлы қосымша қатнаўлары жолға қойылады.

    «Temiryo‘lekspress» АЖ баспасөз хызметиниң хабар бериўинше, усы жылдың 11, 12, 14, 18, 19, 20, 21, 25, 27 ҳәм 28-сентябрь күнлери қосымша рейслер шөлкемлестирилген.

    Ҳәрекет ўақты:

    775-санлы "Самарқанд - Ташкент":

    Самарқандтан жөнеп кетиў ўақты 10:55.

    Ташкентке келиў саат 13:10 да.

    776-санлы "Ташкент - Самарқанд":

    Ташкенттен саат 13:56 да жөнеп кетиў;

    Самарқандқа саат 16:09 да жетип барады.


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates