Ақ үйдеги ушырасыўдан кейин өткен жылы тынышлық ушын Нобель сыйлығының лауреаты болған Мачадо журналистлерге өзиниң Нобель сыйлығын Трампқа "еркинлигимизге болған айрықша садықлығын тән алыў белгиси сыпатында" тапсырғанын айтты. Сондай-ақ, қысқа баянатында ол Америка президенти менен ушырасыў жақсы өткенин, оның тәрепдарлары Трампқа исениўи мүмкин екенин қосымша етти.
АҚШ Президенти өзиниң тынышлық ушын Нобель сыйлығын оған "тапсырған" Мария Корина Мачадонның ҳәрекетине баҳа берди. "Мария маған тынышлық ушын Нобель сыйлығын тапсырды. Бул өз-ара ҳүрметтиң әжайып белгиси еди. Рахмет, Мария!" - деп жазған Трамп Truth Social социаллық тармағында.
Ушырасыў даўамында Ақ үй баспасөз хаткери Кэролайн Ливитт Трамптың пикиринше, Мачадоның қысқа мүддетте мәмлекет басшылығы ушын зәрүр жәрдеми жоқ екенин айтты, деп жазбақта kaktus.media.
Тынышлық сыйлығын бериўге жуўапкер болған Норвегия Нобель институты 9-январь күни бул сыйлықтың лауреаты оны басқа шахсқа тапсырыўы мүмкинлиги ҳаққындағы гәплерди бийкарлады. "Нобель сыйлығы берилгени жәрияланғаннан кейин оны шақырып алыў, бөлип алыў ямаса басқа шахсларға бериў мүмкин емес. Қарар - үзил-кесил ҳәм мәңги күште қалады", деп атап өтти институтта.