Кешениң ашылыў мәресиминде университеттиң телекоммуникация тийкарлары ҳәм кәсиплик тәлим факультетиниң деканы Байрам Файзуллаев, өзбек тили ҳәм шет тиллери кафедрасының баслығы Ҳүрзия Жақсымовалар қатнасыўшыларды елимизге кирип келген бәҳәр мәўсими, жаңаланыў ҳәм жасарыў байрамы Наўрыз бенен қызғын қутлықлап, мәмлекетимизде ҳүким сүрип турған тынышлықтың қәдирине жетип, халықлар арасындағы өз-ара дослық ҳәм татыўлықты беккемлеў, ана-тәбиятымызды көз қарашығындай сақлаўға шақырды.
Буннан соң илажда студентлер тәрепинен таярланған ҳәр қыйлы концерт бағдарламалары, сахналық көринис ҳәм викториналарға нәўбет берилип, бул илаж қатнасыўшыларында умытылмас тәсирлер қалдырды.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.