Дәслепки культивациялаўдың сапасы – мол өнимниң тийкары

    30 сәуір 2025 173

    Ҳәзирги ўақытта республикамыз бойынша шигит егилген майданларда биринши культивациялаў жумыслары алып барылмақта.

    Шоманай районында да ғаўаша нәллерин қайта ислеў мәселелерине бағышланған көргизбели семинар өткерилди.

    Районның Қарабайлы мәкан пуқаралар жыйыны аймағындағы “Комил Юсупов” фермер хожалығы атызларында дийқанның тынымсыз мийнети нәтийжесинде өсип шыққан ғаўаша нәллерин культивациялаў жумыслары басланды.

    Илажға Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы А.Жуманиязов, «Өзагроинспекция»ның Қарақалпақстан Республикасы басқармасының баслығы А.Юсупов, Шоманай районы ҳәкиминиң аўыл ҳәм суў хожалығы мәселелери бойынша орынбасары М.Темирханов, аўыл хожалығына байланыслы шөлкемлер ҳәм фермер хожалықларының басшылары қатнасты.

    Атап өтилгениндей, дәслепки культивациялаўдың сапалы болыўы, кейинги атыз жумысларына тәсир етеди, мол өнимге тийкар жаратады.

    Семинар даўамында ғаўашаның қатарлар араларын сапалы қайта ислеў, азықландырыў, аўыл хожалығы зыянкеслерине қарсы гүресиў бойынша әмелий усыныслар берилди.

    Қарақалпақстан хабар агентлиги.