Өзбекстан - Түркменстан - 2:1 (Сергеев, 37, 44П - Дурдыев, 84П).
Оман - Қырғызстан - 2:1 (Козубаев, 24 - Сабхи, 90+2, 90+5).
Түркменстанлы мийманлар дәрўазаны қолға киргизбей тура алатуғындай болып көрингенде, ҳүжимниң оң қанатынан орайға кесесине Русланбек Жияновтан Игор Сергеевқа узатылған топ келип түсти. Пайтахтымыздың "Пахтакор" клубының гол урыўшысы дәслепки ўақытта топты әстелик пенен қарсыласлар дәрўазасының мүйешине қарай жоллады.
Тайм алдында болса пенальтидиң есабынан жағдайымыз жақсыланды. Бас төреши топ жарийма майданшасы үстинен ушып баратырып, Түркменстан сайланды командасы футболшысы Шаназар Тиркишовтың қолына тийген ўақыяны монитор арқалы көрип анықлады. Карточканы көрсетип пенальти белгиледи. Сергеев исенимли түрде топты теўип дублди әмелге асырды.
Екинши таймда сайланды командамыз сәрдары Фаррух Сайфиев қызыл карточка алды. Дәрўазаға узатылған топты Фаррух жоқары ойнап атырған ўақытта, мийманлар дәрўазаманы Расул Чориев услаўға үлгермей атырғанын көрди ҳәм аяғын алдыға созып өтпекши болды, бирақ тилекке қарсы дәрўазаманды теўип алды. Нәтийжеде Чориев ойынды даўам еттире алмай оның орнын Рустем Аҳаллиев ийеледи.
Аз сандағы ойыншыларымыз ВАР мониторында көрип шығылып, пенальтиден орынланған жуўап голын өткерип жиберди. Велмират Баллаковтың орнына майданға түскен Дийдар Дурдиев мүйешке қарай анық етип тепти, дәрўазаманымыз Батыралы Ергашев топтың бағытын билгени менен оған жете алмады. Шерзод Насруллаев үшинши голды да урыўы мүмкин еди, бирақ Остон Уруновтың узатпасынан кейин жарийма майданшасы ишинен дәрўазаның жоқары тәрепинен өтип кетти.
Қоңсымыз Қырғызстан сайланды командасы Оманға қарсы ойынның 24-минутында Тамирлан Козубевтың Гүлжигит Алиқуловтың узатпасынан кейин 90-минутқа шекем есапта алдында турған болса, 71-минутта Насер Ал-Равахий орнын басқан Исам Сабхий екинши бөлимниң қосымша минутларында дублға еристи ҳәм екинши турда Оманға исенимли жеңис алып келди.
"А" топарында еки турдан соң Өзбекстан 4 очко, Оман, Қырғызстан ҳәм Түркменстан 1 очкодан топлап, жетекшилик етпекте. Соңғы турда тек ғана Қырғызстанды жеңип қоймастан, көбирек гол урыўға ҳәрекет етиўимиз керек. Түркменстанның Оманға жеңилмей қалыўынан үмит етиў қыйын. Бизлер менен болса әдеўир жақсы ойын көрсетти.