Бул ҳаққында Өзбекстан Республикасы ИИМ Жәмийетлик қәўипсизлик департаменти Жол ҳәрекети қәўипсизлиги хызмети хабар берди.
Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2025-жыл 28-ноябрьдеги 750-санлы қарарына муўапық, автотранспорт қуралларынан шығып атырған патасландырыўшы элементлердиң белгиленген экологиялық нормативлерге муўапықлығын қадағалаўға қаратылған "Экологиялық транспорт" системасын басқышпа-басқыш енгизиў нәзерде тутылған.
Транспорт қуралларының экологиялық талапларға муўапықлық дәрежеси экологиялық стикерлер бериў арқалы анықланады.
Қоршаған орталыққа тәсир етиў дәрежесине қарап автомобиллер төмендеги категорияларга киреди:
🟢 "таза" - жасыл стикер;
🟡 "орта" - сары стикер;
🔴 "зыянлы" - қызыл стикер.
Экологиялық категорияны белгилеў Өзбекстан Республикасы аймағында пайдаланылып атырған транспорт қуралларының тастыйықланған экологиялық класслары ҳаққындағы мағлыўматлар базасы тийкарында "Автомототранспорт есабы" модулинде автоматластырылған түрде әмелге асырылады.
2026-жыл 1-январьдан баслап Ташкент қаласында транспорт қураллары ушын экологиялық стикерлер бийпул бериледи.
"Ҳәзирги ўақытта "сары" ҳәм "қызыл" экологиялық стикерли автомобиллердиң ҳәрекетлениўине ҳеш қандай шеклеўлер енгизилмеген.
Усы мүнәсибет пенен социаллық тармақ пайдаланыўшыларын надурыс мағлыўматларды тарқатпаўға ҳәм пуқараларды алжастырмаўға шақырамыз", делинеди МЖҲҚХ хабарында.