Түркий мәмлекетлер Универсиадасының биринши күнинде дзюдошыларымыз 7 медалды қолға киргизди

    Спорт 5 қыркүйек 2025 626

    Қырғызстанның Шолпан ата қаласында Түркий мәмлекетлер III универсиадасы басланды. Дзюдо бойынша Өзбекстан сайланды командасы дәслепки жарыс күнинде 7 медаль - 3 алтын, 1 гүмис ҳәм 3 бронза медалын қолға киргизди.

    Тренерлер Улуғбек Азизов ҳәм Азиз Ташматовтың басшылығында спортшылар жарысты исенимли түрде баслады.

    Алтын:

    Райҳона Маматова (-57 кг);

    Моҳларойим Тухтамишева (+78 кг);

    Ҳожиакбар Тошев (-73 кг);

    Гүмис:

    Рухшона Алишерова (-48 кг);

    Бронза:

    Ширинжон Юлдашева (-70 кг);

    Сардорбек Эркинов (-90 кг);

    Камолиддин Бахтияров (-60 кг);

    Дәслепки күн жуўмағында Өзбекстан сайланды командасы медаллар саны бойынша биринши орынды ийеледи. Екинши орынды Әзербайжан (3 алтын, 1 гүмис, 1 бронза), үшинши орында Қазақстан (1 алтын) командалары ийелеп тур.

    Бүгин беллесиўлер басқа да салмақ категорияларында даўам етеди.


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates