Президентимиз жақында IТ паркке сапары ўақтында жасалма интеллект технологияларын министрликлер ҳәм уйымлардың жумысына және басқа да тараўларға кеңнен енгизиўге қаратылған жойбарлардың презентациясы менен де танысқан еди. Мәмлекетимиз басшысына усынылған жойбарлар арасында қәбилетли жаслардың мийнети жемиси - “KotibAI” ҳәм де “Detecting-AI.com” инновациялық қолланбалары да бар еди.

Бул жойбарлар неси менен әҳмийетли? Олардан күтилип атырған нәтийже қандай? Усы сораўлар менен жойбар авторларына мүрәжат еттик.

- “KotibAI” жасалма интеллект тийкарында ислейтуғын жәрдемши платформа болып, ҳүжжетлер менен ислесиў, текстлерди редакторлаў ҳәм аўдармалаў процесслерин автоматластырыўға қаратылған. Платформа хызметкерлердиң потенциалын жүзеге шығаратуғын, нәтийжелиликти арттырыўға жәрдем беретуғын жасалма интеллект хызметлери экосистемасы, - дейди жойбар тийкарын салыўшысы Самандар Турсуналиев. - Жойбарымыз бүгин кеңнен қолланылмақта. Үш айда 50 ең ири корпорацияның турақлы тәкирарланатуғын жумысларын жасалма интеллектке өткердик. Буның менен жумыс орны қысқармайды. Жасалма интеллект хызметкерге жәрдем береди, болғаны. Жойбар шеңберинде 8 жасалма интеллект агентлигиниң жумысы жолға қойылған. Ҳәр бир агенттиң өз ўазыйпасы бар ҳәм ол жумысты жеңиллестиреди. Мысал ушын, жойбардың ең әҳмийетли бағдарларынан бири - “Kotib Analytics” себепли компанияға қоңыраўларды таңлап тыңлаў ушын көп ўақыт сарплаў шәрт емес. Айтайық, қоңыраўды тыңлап, жуўап бериўге жуўапкер хызметкер белгиленген мүддетте барлық мүрәжатқа жуўап бериўге үлгермеўи мүмкин. Бул байланыстың сапасына тәсир етеди. Хызметкер бир күнде 50 қоңыраўды қадағалаўы мүмкин. Жасалма интеллект агенти болса мыңлаған қоңыраўларды таллаў имканиятына ийе. Система сөйлесиўди 100 процент анализлейди ҳәм таяр жуўмақ береди. Ўақыт 75 процентке шекем үнемленеди. Жумыс сапасы артады. Белгиленген ўақытта үлкен көлемдеги жумысты орынлаў мүмкин.

Жасалма интеллект анализи барлық хызметкерлер ҳәм бөлимлер ушын объектив қадағалаў стандартларын кепиллейди. Клиентлер менен байланыста системалы қәтелерди анықлайды ҳәм сапластырады. Бул болса хызмет сапасын арттырып, қарыйдар тәжирийбеси артыўына алып келеди.

Және бир бағдар - “Kotib support” болса қарыйдарлар менен сөйлесиў ушын бирден-бир жасалма интеллект платформасы болып есапланады. Барлық каналды бирлестиреди ҳәм мағлыўматлар тийкарында оқытылған жасалма интеллект жәрдеминде 60 процентке шекем жуўапларды автоматластырады. Бул қарыйдарлардың күтиў ўақтын сезилерли дәрежеде қысқартады.

Стартаплар - инновациялық келешекти белгилейтуғын күш. Олар жасларға жаңа имканият береди, экономиканы модернизация етеди ҳәм мәмлекетти санлы раўажланыў жолында алға илгерилейди. “KotibAI”дан орын алған "ақыллы жәрдемшилер"диң жумысын бақлап, буған және бир мәрте исеним пайда етесиз.

- Платформадан орын алған “Kotib Assist” текст, аудио ҳәм видео менен ислесиў ушын ақыллы жәрдемшиңизге айланыўы мүмкин, - дейди Самандар Турсуналиев. - Ол даўысты текстке айландырыў, текстти даўысландырыў, көп тилли аўдарма хызметин орынлай алады. Бул, әсиресе, журналистлер ушын қолайлы болады. Ҳаўазлы жазыўды саатлап отырып текстке аўдарыўға зәрүрлик қалмайды. Буны жасалма интеллект агенти бир неше минутта орынлайды. Илажлардан таярланатуғын оператив репортажларда тараў хызметкерлерине жақсы жәрдемши бола алады.

Жойбарда орын алған ақыллы жәрдемши “Kotib Event” илажларын өткериўде жәрдем береди. Синхрон аўдарма ислейди, илажға келген адамларды табыўды аңсатластырады. Нетворкингти жақсылайды. “Kotib Dialogue” болса чатларда әдеп-икрамлылық маркетинг ушын интеллектуал жәрдемши ўазыйпасын атқарады. Машқала ҳаққында айтқан клиентлерди табады ҳәм олардың разылығы менен шешим усыныс етеди.

Өзин ақлаған стартаплар дәстүрий бизнеске қарағанда тараўды тезирек раўажландырыўға хызмет етеди. “KotibAI” де барлық тараўға тәсири арқалы мәмлекеттиң экономикалық раўажланыўына үлес қосып атырған жойбарлардан бири болып есапланады.

“Detecting-AI.com” болса жасалма интеллект жәрдеминде жаратылған текст, даўыс ҳәм видео контентти анықлаўшы глобал платформа болып, академиялық ҳадаллық, мәлимлеме қәўипсизлиги ҳәм санлы исенимлиликти тәмийинлеўдиң тәсиршең шешими болып есапланады.

- Ҳәзир жалған қоңыраўлар, ҳақыйқатқа туўра келмейтуғын сиясий, коммерциялық ямаса жеке абырайға зыян келтиретуғын жалған видео ҳәм даўыслы хабарлар көбейип бармақта, - дейди стартап авторы Абдулла Абдураззоқов. - Мәселен, белгили инсанлардың даўысы ямаса жүзинен пайдаланып, адамларды алдаў, пул өндириў, жалған хабарлар тарқатыў жағдайлары көбейип бармақта. Бизиң шешим усындай қәўиплерди сапластырыўға жәрдем береди. Платформа сиз телефонда сөйлесип атырған ямаса видеода көрип атырған адам ҳақыйқый ма ямаса жасалма интеллект тәрепинен жаратылған нусқасы ма - усыларды анықлайды.

Ҳәзирги ўақытта жасалма интеллект турмысымыздың барлық тараўына кирип бармақта. Студентлер үйге тапсырмасын ямаса илимий қолланбаларын оның жәрдеминде орынлаў жағдайлары көбейип бармақта. Бул жағдайлар оқыў процесин жеңиллестирсе де, сын көзқарастан пикирлеў ҳәм дөретиўшилик қәбилетин төменлетеди.

“Detecting-AI.com” мине усындай қәўип-қәтерлерге қарсы гүресиў ушын текст, аудио ҳәм видеоны талқылайтуғын мультимодал анықлаў системасын усынады. Платформа сөздеги жалғанлық, даўыстағы клонлаў ҳәм видеодағы жасалма ҳәрекетлерди анықлайды. Яғный жалған контент тарқатыў арқалы келип шығатуғын алдаўшылық, сиясий манипуляция ҳәм мәлимлеме ҳүжимлерине қарсы қорғаныў қуралы болып хызмет етеди.

Ҳәр бир нәтийже бойынша исеним дәрежеси, түсиндирилген таллаў, сондай-ақ, университетлер, шөлкемлер ҳәм ҳүкиметлер ушын интеграция имканиятлары бар. Платформа жоқары анықлық, оператив ислеў ҳәм халықаралық стандартларға сәйкес нәтийжелерди тәмийинлейди. Базардағы потенциал талап, инвестициялық тартымлылық бул инновациялық идеяны өтимли өнимге айландырды.

- Жойбарымыздың баҳасы 2 миллион долларға баҳаланған. Дүнья бойынша 350 мыңнан аслам пайдаланыўшы ҳәм 200 ден аслам университетлерде платформа кеңнен қолланылмақта. 1000 нан аслам профессор ҳәм оқытыўшылар “Detecting-AI.com”нан пайдаланып келмекте. АҚШ, Европа Аўқамы ҳәм Жақын Шығыс мәмлекетлериндеги қарыйдарларымыз платформаның халықаралық дәрежедеги исенимлилиги ҳәм әмелий әҳмийетин тастыйықламақта, - дейди Абдулла Абдураззоқов. - Клиентлеримиздиң тийкарғы бөлеги университетлер, илимий-изертлеў орайлары, билимлендириў мәкемелери ҳәм мәлимлеме қәўипсизлиги тараўындағы шөлкемлер болып есапланады. Платформа өзбек, инглис ҳәм басқа тиллерде ислейди.

Жойбар жәмәәти Өзбекстан базары ушын арнаўлы версия - “DetectingAI.uz”ды иске қоспақта. Ол министрликлер, жергиликли университетлер ҳәм басқа да билимлендириў мәкемелерине мөлшерленген болып, плагиатты анықлаў, сөз еркинлигин қорғаў ҳәм санлы қәўипсизликти тәмийинлеўде қолайлы.

Рисолат МАДИЕВА,

"Янги Ўзбекистон" хабаршысы