Инновациялық раўажланыў агентлигиниң басқарма баслығы Умиджон Ҳошимовтың мәлим етиўинше, бул жойбар Корея Республикасының Корея жоқары технологиялар институты (KIAT), Инновациялық раўажланыў агентлиги, "Өзавтосанаат" АЖ ҳәм Шыршық қаласы ҳәкимлиги менен биргеликте әмелге асырылмақта. Оның улыўма баҳасы болса 10 миллион АҚШ долларын қурайды.
Жойбар Корея Республикасының ОDA бағдарламасы шеңберинде бийғәрез жәрдем тийкарында қаржыландырылмақта. Оның тийкарғы мақсети R&D изертлеў ҳәм қолланбалар орайын шөлкемлестириў және мәмлекетимиздеги аўыл хожалығы техникаларын экологиялық таза ҚТГ жанылғысына өткериў болып есапланады. Бул болса мәмлекетте экологияға болған тәсирди азайтыў, жанылғы қәрежетлерин оптималластырыў ҳәм заманагөй технологияларды енгизиў имканиятын береди.
Жойбар шеңберинде заманагөй ҚТГ-4 газ баллонлы үскенелери енгизиледи. Бул үскенелер двигатель ушын қәўипсиз, аз қәрежетли ҳәм айдаўшының араласыўын минимал талап ететуғын шешим есапланады.
Сондай-ақ, жергиликли ҳәм сырт елли экспертлердиң қатнасыўында технологиялық шешимлер ислеп шығылады, заманагөй әсбап-үскенелер енгизиледи және олардан нәтийжели пайдаланыў бойынша оқыў ҳәм қәнигелигин арттырыў курслары шөлкемлестириледи.
