Экономикалық қүдиреттиң ҳуқықый тийкары

    Қарақалпақстанда исбилерменликке берилген жеңилликлер нәтийжеси

    Нөкис қаласының Бозаўыл мәҳәллесиндеги өнермент Рано Бердибаева тигиў цехында 7 ҳаял-қыз жумыс пенен тәмийинлеген. Исбилермен өз жумысын 2020-жылы баслаған еди. Усы ўақыт аралығында ол майыплығы болған ҳаял-қызларды тигиўшиликке үйретип, жумыслы етип атырған исбилермен сыпатында танылды. Ол жасларға тигиўшиликти бийпул үйретеди. Өзине келген буйыртпаларын шәкиртлерине исенип тапсырады, ҳәтте буның ушын оларға қол ҳақы да береди.

    Мәҳәлледе бундай исбилерменлер жетерли. Олардан бири жас исбилермен Рашид Қалбаев болып есапланады. Ол "Бозаўыл маҳалла универсал сервис компаниясы"ның тийкарын салыўшысы. Жас исбилермен кем тәмийинленген онға шамалас адамды турақлы жумысқа тартты. Олар өнер үйренип, шаңарақларына дәрамат алып келиўине жәрдем берген.

    - Шарўашылық ҳәм дийқаншылық пенен шуғылланатуғын шаңарақта тәрбияланғанман. Бос ўақытларымда такси айдаўым қаламызды өзине тән усылда үйрениўиме себеп болды. Усы процессте темирден есик ҳәм дәрўазалар соғыў бизнесин баслаўды нийет еттим. Исбилерменликке 2020-жылы қол урдым. Әлбетте, дәслеп қыйыншылық болды. Бирақ ҳәммеси өтип кетти. Ҳәзир ислеримиз әдеўир жақсы. Мақсетим - жумысымды буннан былай да раўажландырып жаңа жумыс орынларын жаратыў, - дейди исбилермен Рашид Қалбаев.

    Нөкис қаласындағы "Жеке терек" мәкан пуқаралар жыйыны аймағында ун ҳәм макарон өнимлерин ислеп шығарыўшы кәрхана бар. Ҳәзир кәрханада он бир түрдеги макарон ислеп шығарылмақта. Күнине 12 тоннаға шекем таяр өним жергиликли базарларға жиберилмекте. Бурын базарларымызды макарон өнимлери менен тәмийинлеўде импорттың үлеси жоқары еди. Исбилерменлерге кең имканият жаратылғаннан соң, бундай өнимлерди өзимизде ислеп шығарыў көбейди. Бул болса өнимниң баҳасы ҳәм сапасына да унамлы тәсир етпекте.

    Нөкисли және бир исбилермен Генжебай жоқары сапалы музқаймақ ислеп шығарады. Быйыл май айында жумыс баслаған кәрхана күнине 30 мың дана музқаймақ ислеп шығарыў қуўатлылығына ийе.

    - Музқаймақларды Италия ҳәм Польша технологиялары жәрдеминде ислеп шығарып атырмыз, - дейди "Ювента Нөкис" кәрханасының басшысы Генжебай Айтмуратов. - Жойбарымыздың улыўма баҳасы 10 миллиард сум. Буннан тысқары, сүтти қайта ислеў кәрханамыз бар. Ол 2000-жылдан берли жумыс алып барады. Соннан берли халыққа сүт өнимлерин жеткерип берип атырмыз. Сондай-ақ, Европадан 700 ден аслам нәсилли шарўа малларын алып келгенбиз. Заманагөй технологияларды өзлестирип, миллий брендтеги өнимлер ислеп шығарыўды кеңейтип бармақтамыз.

    Президентимиздиң "Қарақалпақстан Республикасында исбилерменлик, инновациялық технологиялар ҳәм инфраструктураларды жедел пәтлерде раўажландырыў арқалы халықтың абаданлығын арттырыўдың қосымша илажлары ҳаққында"ғы пәрманы тийкарында жойбар ушын жеңиллетилген кредит ажыратылды. Нәтийжеде жылына 672 тонна өним ислеп шығарыў қуўатлылығы жаратылды. Тийкарғысы, 23 пуқараның бәнтлиги тәмийинленди.

    "Кегейли мебель орайы" кәрханасы Президентимиздиң қарарына тийкарланып берилген 400 миллион сум кредит есабынан жумыс баслаған. Жойбар шеңберинде районда мебель ислеп шығарыў жолға қойылды. Бул арқалы 15 адам, соның ишинде, имканияты шекленген бес шахс жумыс пенен тәмийинленди. Кәрхана заманагөй мебеллерин экспорт базарларына жеткерип бериўди режелестирмекте.

    Сондай-ақ, Қоңырат районы Ҳәким ата мәҳәллесинде жасаўшы исбилермен Мажид Атамуратов жеңиллетилген кредит есабынан мебель ислеп шығарыўды баслады. Жойбар себепли онға шамалас қосымша жумыс орны жаратылды. Заманагөй дизайнға ийе мебеллердиң кең таңламасы қарыйдарларды өзине тартпақта.

    Биз тилге алған районларға мебеллер алдын шеттен алып келинетуғын еди. Бүгин өнер үйренген жасларымыз ишки базарды толық тәмийинлемекте.

    Тақыятас районындағы есик ислеп шығарыў комплексинде төрт исбилерменлик субъекти жумыс алып барады. Олардан бири "Хўжа нақшлари" жуўапкершилиги шекленген жәмийети болып есапланады. Исбилермен ҳәр қыйлы есик ҳәм дәрўазалар ислеп шығармақта.

    - Банктен жеңиллетилген кредит алып жумыс баслағанымызға алты жыл болды. Бүгинги күнде 10 адам жумыс пенен тәмийинленген. Буйыртпа тийкарында есик ислеп шығарамыз. Сондай-ақ, базардағы саўда орынларына да өним жеткерип беремиз. Елимизде исбилерменлерге жаратылып атырған имканиятлар жумысымыздың буннан былай да раўажланыўына тийкар жаратпақта, - дейди кәрхана ис жүргизиўшиси Рашид Жумамбетов.

    - Кәрханамызда 15 адам жумыс ислейди. Өнимлеримизди тийкарынан ишки базарға сатып атырмыз. Арзан есиклеримиз 400 мың болса, қымбаты 600 мың сум. Өнимлеримизди базарға шығарыў менен бирге қарыйдарлардың буйыртпасы бойынша да жеткерип беремиз. Дәраматымыз жаман емес, - дейди “Ramazan-Gulnaz” кәрханасының жумысшысы Бекболат Нурымбетов.

    Президентимиздиң "Аймақларда исбилерменлик жойбарларын қаржыландырыў механизмлерин буннан былай да кеңейтиў илажлары ҳаққында"ғы қарарында Қарақалпақстанда исбилерменликти раўажландырыў бойынша айрықша көрсетпелер берилген еди. Усы тийкарда жаратылған шараятлар себепли аймақта исбилерменлердиң қатары кеңейип, жаңа жойбарлар иске қосылмақта.

    Әмиўдәрья районында аўыл хожалығы ҳәм санаат тараўларында да жаңа жойбарлар әмелге асырылмақта.

    Атап айтқанда, райондағы Уйшин мәҳәллесинде баҳасы 1 миллиард сумлық жойбар тийкарында "Жамолиддин Жайхун" кәрханасы балықшылықты, "Қорақалпоқ маҳсулотлари" кәрханасы 1,3 миллиард сум қаржы есабынан қусшылық ҳәм гөш өнимлерин қайта ислеўди жолға қойды. "Жайҳун моторс" кәрханасында болса мотороллер жыйнаў басланды. Бул жойбарлар арқалы жаңа жумыс орынлары жаратылмақта, жергиликли өнимлер ислеп шығарыў көлеми артпақта.

    Районда "Батыр Ханқа" ҳәм "Ал Кафил бизнес пласт" кәрханалары баҳасы 2 миллиард сум болған жойбарлар тийкарында пластмасса ыдыслар ислеп шығарыўды жолға қойып, 20 жумыс орнын жаратты. "Равшанбек-Юлдузхон" жеке кәрханасының кондитер, нан өнимлерин ислеп шығарыў ҳәм сүтти қайта ислеў цехы да үлгили исбилерменлик субъектлеринен бири болып есапланады.

    Бундай исбилерменлердиң қатары болса барған сайын кеңейип бармақта. Бул ҳәр бир исбилермен бәрқулла итибарда екени ҳәм қоллап-қуўатланып атырғанынан дәрек береди.

    Минажатдин ҚУТЛЫМУРАТОВ,

    "Янги Ўзбекистон" хабаршысы

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates