Себеби, енди ўатанласларымыз белгили бир категориядағы дәрилерди шыпакер беретуғын электрон қолтаңба ямаса QR код түсирилген рецептсиз ала алмайды. Бул халықтың қәўетери ҳәм наразылығына себеп болып атырғаны сыр емес.
"Электрон рецепт" системасын енгизиўден гөзленген тийкарғы мақсет емлеў қәўипсизлигин арттырыў ҳәм наўқаслардың саламатлығын қорғаў, шыпакерлердиң дәри тайынлаўдағы жуўапкершилигин күшейтиў, дәри тайынлаў процесин тәртипке салыў, денсаўлықты сақлаў системасында санлы есапқа өтиў, сондай-ақ, контрафакт ямаса надурыс қолланылып атырған дәри-дәрмақ айланысы менен байланыслы қәўиплерди азайтыўдан ибарат.
Хош, система әмелде қалай ислейди, абзаллығы неден ибарат?
Наўқас дәслеп шаңарақлық поликлиникада бириктирилген шыпакерге мүрәжат етеди. Шыпакер рецептти электрон түрде рәсмийлестиреди. Дәри-дәрманның аты, дозасы, қабыллаў мүддети - ҳәммеси "ДМЕД" атлы медициналық мәлимлеме системасына киргизиледи.
Арнаўлы рецептте электрон қолтаңба ямаса QR код көрсетиледи. Дәриханашылар оны сканерлеў арқалы системадан өним атамасын көриўи, сол тийкарда қарыйдарға сатыўы мүмкин.
Министрлер Кабинетиниң 2025-жыл 8-сентябрьдеги "Денсаўлықты сақлаў системасын санластырыў процесслерин буннан былай да жеделлестириў бойынша қосымша илажлар ҳаққында"ғы қарарына муўапық, физикалық жағдайы себепли медицина мәкемесине келе алмайтуғын ҳәм жатып қалған наўқаслар ушын дәри-дәрмақ жақын туўысқанлары ямаса нызамлы ўәкиллери тәрепинен электрон рецепт тийкарында алынады.
Усы жерде айрықша жағдайлар, балаларға, кексе жастағы шахсларға ҳәм созылмалы кеселлиги бар наўқасларға медициналық жәрдем көрсетиўде машқалалар жүзеге келмей ме, деген ҳақылы сораў туўылыўы мүмкин.
- Ҳеш ким зәрүр дәри-дәрмақсыз қалмайды. Бул категориядағы наўқаслар айрықша қадағалаўда болады, - дейди медицина илимлериниң кандидаты Азиза Хожаева. - Сондай-ақ, наўқасқа дәрини қыстаўлы түрде ямаса тезлик пенен бериў зәрүр болған жағдайда, рецепт бланкасының жоқары бөлегине “cito” (қыстаўлы) ямаса “statim” (тезлик пенен) белгиси қойылыўы белгиленген. Бундай белгилер рецепттиң дәриханада ҳәм медицина әмелиятында асырықша зәрүрлигин көрсетеди.
Халық тәрепинен билдирилип атырған және бир қәўетерлениў аўырыў қалдырыўшы дәрилер менен байланыслы. Зәрүр ўақытта аўырыўды қалдырыўшы дәрилер ушын да электрон рецепт талап етиле ме?
Айтылыўынша, аўырыў қалдырыўшы дәрилер рецептсиз дәрилер дизимине киргизилген болып, олардан пайдаланыў мүмкин екенлиги атап өтилди.
Созылмалы кеселлиги бар наўқасларға амбулатор жағдайда рецепт жазғанда, анаболик активликке ийе айырым дәрилер айрықша түрде ҳәм шыпакер қадағалаўында 60 күнлик, айырым дәрилер болса 90 күнлик емлеў курсына жетерли муғдарда белгиленетуғынлығы көрсетилген.
Сондай-ақ, бундай наўқасларға электрон рецепт бойынша кепилленген пакетке киргизилген дәри-дәрмақ дәриханалар тәрепинен реимбурсация бағдарламасы тийкарында 30 күнлик емлеў курсына жетерли муғдарда бийпул бериледи.
Сондай-ақ, рецептсиз берилетуғын дәрилер дизиминде аллергияга қарсы дәрилер де бар.
Турмысымыз стресслерден жырақ емес. Арзымайтуғын себеп пенен тынышсызланыў, жүректе тынышсызланыў бақланыўы бүгин тәбийғый жағдайға айланған. Биз әдетте пайдаланатуғын корвалол ҳәм валидол дәрилери ушын рецепт талап етилиўи процессти бираз қыйынластырыўы мүмкин. Бирақ қәўетерлениўге орын жоқ. Олар сыяқлылар рецептсиз дәрилер дизимине киргизилген болып, дәриханалардан биймәлел алыўға болады.
Сырт ел пуқаралары болса электрон рецепт алыў ушын улыўма шәртлерде мәмлекетлик медицина мәкемелеринде дизимнен өтиў ҳуқықына ийе.
Денсаўлықты сақлаў министрлиги жанында халықты қоллап-қуўатлаў мақсетинде күни-түни ислейтуғын 1003 қысқа санлы колл-орай жумысы жолға қойылған. Пуқаралар ол арқалы "электрон рецепт" системасына байланыслы барлық мәселелер бойынша мәсләҳәт ҳәм түсиниклер алыў имканиятына ийе.
- Турақлы түсиник жумыслары ҳәм қайта байланыс системасы, соның ишинде, күни-түни ислейтуғын 1003 калл-орайы төсек режиминдеги ҳәм созылмалы кеселликлерге шатылған наўқаслардың өз шаңарақлық шыпакерине мүрәжат етиўи, шаңарақлық шыпакерге (керекли жағдайларда тар тараў қәнигелерине) аралықтан турып мүрәжат еткен ҳалда электрон рецепт алыўы, көрсетпелер бар болғанда патронаж хызмети шөлкемлестирилиўи ҳәм зәрүр медициналық хызметлер үйде көрсетилиўи тәмийинленеди, - дейди вирусолог шыпакер Дилдора Секлер. - Жатақ режиминдеги наўқаслар, сондай-ақ, созылмалы кеселликке шалынған шахслар мәсләҳәт ҳәм электрон рецепт алыў ушын өз шаңарақлық шыпакерине телефон арқалы хабарласыўы мақсетке муўапық. Егер наўқас шаңарақлық шыпакериниң телефон номерин билмесе, онда 1003 қысқа номерине қоңыраў етиўи мүмкин. Оған зәрүр жәрдем көрсетиледи.
"Электрон рецепт" системасы тийкарында берилетуғын дәрилердиң дизими басқышпа-басқыш қәлиплестирилип, онда айрықша дизимлер социаллық қәўип-қәтер ҳәм тараўда жүзеге келетуғын талаплардан келип шыққан ҳалда ҳәр бир басқышта экспертлер кеңеси тәрепинен таярланып, тастыйықланады.
Системалы тәсир ететуғын антибиотиклер, синтетикалық антибактериал препаратлар ҳәм гормонал дәрилер ушын электрон рецепт мәжбүрий болыўын нәзерде тутатуғын биринши басқыш белгиленеди.
- Шыпакердиң электрон рецептлерди жазыў бойынша ўәкилликлери, соның ишинде, белгили бир медицина шөлкеминде жоқ дәрини тайынлаў ҳәм кейин ала дәриханалардың фармацевтлери тәрепинен бул мағлыўматты системаға киргизиўдиң ҳуқықый тийкарлары беккемленеди, - дейди Дилдора Секлер. - Дәриханаларда рецептли дәрини электрон рецепт тийкарында бериў тәртиби (соның ишинде, наўқастың ЖШШИРи ямаса QR коды арқалы) белгиленеди. Қалаберди, система толық енгизилгенге шекем ҳәм айрықша жағдайларда бурынғысынан басқаша тәризде қағаз көринисиндеги рецептлерди рәсмийлестириў имканияты сақлап қалынады.
Наўқас ямаса оның ўәкилинде электрон рецепт болмаған жағдайда, дәрихана фармацевтикасына шахсты тастыйықлаўшы ҳүжжет (қағаз ямаса электрон формада) тийкарында ЖШШИР киргизип, система арқалы электрон рецепт пенен танысыў ҳәм рецепт бойынша дәрини бериў ҳуқықын бериўши механизм белгиленеди.
Жатақ режиминдеги наўқаслар электрон рецепт алыўда қыйыншылыққа дус келмеўи ушын қосымша имканиятлар жаратылған. Бунда наўқас онлайн сораў жибериў ямаса телефон арқалы шаңарақлық шыпакерге мүрәжат етиўи мүмкин. Шаңарақлық шыпакер электрон рецептти рәсмийлестиреди. Рецепт рәсмийлестирилгеннен соң QR код наўқасқа ямаса оның ўәкилине жибериледи (СМС, мессенжер ямаса электрон почта арқалы).
Бул механизм төсектеги наўқасларға керекли дәрини өз ўақтында алыўды тәмийинлейди.
- Елимиз ҳәм сырт ел пуқараларының медициналық жәрдем ҳәм дәрини алыў (соның ишинде, қыстаўлы жағдайларда) ҳуқықлары тәмийинленеди, сондай-ақ, системаны енгизиў басқышлары ҳәм дәрилердиң дизимлери ҳаққында халық рәсмий дәреклер арқалы хабардар етип барылады, - дейди Дилдора Секлер. - Емлеўши шыпакердиң қарарына бола, созылмалы кеселликлерге шатылған наўқасларға 60 күнге шекем емлеў дәўиринде халықаралық кеселликлер классификациясына муўапық кодланатуғын, созылмалы кеселликлерди емлеўде тайынланатуғын, сондай-ақ анаболик активлиги менен ажыралып туратуғын дәри ушын, 90 күнге шекем емлениў дәўиринде басқа таяр дәри ушын (реимбурсация шеңберинде - 30 күнге шекем) рецептлер жазыўдың айрықша тәртиби белгиленеди.
Бул жағдайларда электрон рецепт ҳәм тийисли QR кодтың әмел етиў мүддети белгиленген емлеў курсы дәўирине муўапық создырылады.
"Электрон рецепт" системасы, бәринен бурын, емлеў қәўипсизлигин арттырыў, дәри тайынлаўда жуўапкершиликти күшейтиў ҳәм олардың айланысын тәртипке салыўға қаратылған. Бул система турақлы мониторинг тийкарында пуқаралар ҳәм медицина хызметкерлериниң пикир-усынысларын есапқа алған ҳалда басқышпа-басқыш енгизилмекте.
Бул жаңа система бәсеки орталығын жаратып, шыпакерлер тәрепинен керексиз дәри-дәрмақлар жазып берилиўиниң, сондай-ақ, мәмлекетлик дизимнен өтпеген ҳәм айланба жоллар арқалы елимизге кирип киятырған дәрилердиң сатылыўының алдын алады.
Рисолат МАДИЕВА,
"Янги Ўзбекистон" хабаршысы