Қабыллаўда еки елдиң рәсмий делегациялары, Франция Бас министри Франсуа Байру басшылығында Министрлер Кабинети ағзалары, белгили мәденият, көркем өнер ҳәм илим ғайраткерлери, исбилермен топарлар ҳәм жәмийетшилик ўәкиллери қатнасты.
Мәмлекетимиз басшысы Эммануэль Макрон ҳәм оның өмирлик жолдасы Брижит Макронға шын жүректен қабыллағаны ушын миннетдаршылық билдирип, бүгин болып өткен сөйлесиўлер тарийхый әҳмийетке ийе екенин, олардың нәтийжесинде мәмлекетлеримиз арасындағы қатнасықлар стратегиялық шериклик дәрежесине көтерилгенин қанаатланыўшылық пенен атап өтти.
Франция жетекшиси бүгин өткерилген сөйлесиўлердиң нәтийжелерин ҳәм қол қойылған келисимлерди қоллап-қуўатлады.
- Бир неше жыл ишинде биз энергетика, суў ресурсларын басқарыў, коммуналлық хызметлер, транспорт, турақлы туризм сыяқлы әҳмийетли тараўларда узақ мүддетли бирге ислесиў байланысларын орнатыўға еристик. Буның дәлили сыпатында Франция ҳүкимети ҳәм Франция раўажланыў агентлигиниң жәрдеминде француз компаниялары Өзбекстанға инвестиция киргизип атырғаны, аймақларда қосымша қун ҳәм жумыс орынларының жаратылып атырғаны, жаслар кәсип үйренип, турмыста өз орнын таўып атырғанын келтириўим мүмкин. - деди Эммануэль Макрон.
Тәреплер халықларымыздың абаданлығы жолында Өзбекстан-Франция бирге ислесиўин буннан былай да беккемлеўге исенимли умтылатуғынын билдирди.